Өзбекстан ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң «Дослық аўқамының балалары» сегизинши халықаралық мәдений-ағартыўшылық форумын өткермекте.

Ташкент ўәлаятында «Семург» саламатландырыў дем алыў орайында өткерилип атырған форум ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң гуманитар бирге ислесиў бойынша Мәмлекетлераралық қорының жәрдеминде шөлкемлестирилген.

«Дослық аўқамының балалары: заманлар ҳәм әўладлар арасындағы тығыз байланыслылық» сүрени астында өткерилип атырған быйылғы форумда Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан тәрепинен 14-17 жас шеңбериндеги 10 оқыўшыдан мектеп оқыўшылары және олардың устазлары қатнаспақта.

Мақсети балалар ҳәм жасларды жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў руўхында тәрбиялаў ушын халықаралық платформа жаратыўдан ибарат болған бул жойбарда 2013-2022-жыллар даўамында ҒМДА мәмлекетлеринен жәми 800 ге шамалас мектеп оқыўшысы қатнасқан.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева форум қатнасыўшыларына қутлықлаў жоллады.

Қатнасыўшыларға, сондай-ақ, Беларусь Республикасы Миллий Мәжилиси Кеңесиниң баслығы Н.Кочанова ҳәм ҒМДА Парламентлераралық ассамблеясының Бас хаткери – Кеңес секретариатының баслығы Д.Кобицкий де қутлықлаў жоллады.

Форумның салтанатлы ашылыў мәресими дөретиўшилик топарлардың шығыўлары менен даўам етти.

Быйыл дәслепки рет Өзбекстанда өткерилип атырған форумның ҳәр бир күни белгили мәмлекеттиң мәденияты ҳәм тарийхына бағышланады. 29-июньға шекем даўам ететуғын жойбарда жаслар спорт ойынлары, саяхатлар, беллесиўлер, дөретиўшилик семинарлар, квестлар, музыкалы флешмобларда қатнасады. Сәўбет ҳәм пикир-таласлар даўамында балалар ҳуқықлары менен миннетлемелери, экология, халықаралық бирге ислесиў, мәденият, туризм сыяқлы мәселелер додаланады.

Илаждың биринши күнинде Өзбекстан делегациясының презентациясы өткерилди. Онда қатнасыўшылар бийтәкирар қәдириятларымыз, миллий дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендирген өнерментшилик өнимлери, өзине тән көркем өнеримиз ғайраткерлери, өзбек миллий тағамлары менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенаты жанындағы Жаслар парламентиниң ўәкиллери менен жанлы сәўбет өткерилди.

Форум қатнасыўшылары Сенаттың имаратына келип, парламент ағзалары менен ушырасты.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы