Социаллық тармақларда Қоңырат районы прокуратурасының айдаўшысы  Ж.Қ. басқарыўындағы Нексия-3 маркалы автомашина жол ҳәрекети қағыйдаларын бузып, қарама-қарсы жөнелисте киятырған пиядаларға жол бермей ҳәрекетлениў жағдайы тарқалды.

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы рәсмий мағлыўмат берди. Онда атап өтилгениндей, бул жағдай Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынған болып, район прокуратурасының айдаўшысы Ж.Қ.ның қарсысына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьялары менен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша протокол рәсмийлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги