Усы жыл 22-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Қоңырат ҳәм Мойнақ районларының белсенди жаслары ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.

Онда елимизде алып барылып атырған жаслар сиясаты, оларға қаратылып атырған үлкен итибар, сондай-ақ, жаратылып берилип атырған шараятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.

Ҳақыйқатында да, бүгин жасларға оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылып берилип атырғаны шын мәнисинде “Өзбекстан – имканиятлар мәмлекети” деген пикирдиң айқын мысалы есапланады. Себеби, өз қәбилетин, талантын жүзеге шығарыўды, исбилерменлигин жолға қойып, оны кеңейтиўди, илим, билимлендириў, кәсип үйрениў, өнер ийелеў, улыўма ҳәр қандай тараўларда өз жумысын жолға қойыўды нийет еткен ҳәр бир жасқа барлық шараятлар жаратылған.Усындай шараятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиз жаслары арасынан бир қатар бағдарларда жетискенликке ерискен жаслар, дүньяға белгили спортшылар ҳәм басқа да қатарының алдынғылары жетилисип шықпақта. Ең баслысы, усындай жаслар елимиздиң байрағын дүньяға танытып атыр.




Ушырасыў соңында өзиниң белсендилиги менен үлги болып киятырған бир қатар жаслар  “Үмит ушқыны” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги