Усы жыл 21-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Шымбай районындағы белсенди жаслар ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.

Атап өтилгениндей, Шымбай районы ески қалалардың бири болып, әзелден мәденият, әдебияттың, аўызбиршилик ҳәм кеңпейилликтиң раўажланған орны болып келген. Ушырасыўда бүгинги күнде елимизде жасларға қаратылып атырған айрықша итибар, оларды қоллап-қуўатлаў, талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени, ҳәр бир жастың машқалаларын шешиў жолында бар имканиятлар жумсалып атырғанлығы атап өтилди.

Ҳақыйқатында да, бүгин жасларға оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылып берилип атырғаны шын мәнисинде “Өзбекстан – имканиятлар мәмлекети” деген пикирдиң айқын көриниси болып есапланады. Себеби, өз қәбилетин, талантын жүзеге шығарыўды, исбилерменлигин жолға қойып, оны кеңейтиўди, илим, билимлендириў, кәсипке үйрениў, өнер ийелеў, улыўма ҳәр қандай тараўларда өз жумысын жолға қойыўды нийет еткен ҳәр бир жасқа барлық шараятлар жаратылған. Усындай жаратылған имкаятлардан нәтийжели пайдаланып, Бес қаланың бири шымбайлы жаслар арасынан бир қатар тараўларда жетискенликке ерискен жаслар, дүньяға белгили спортшылар ҳәм басқа да қатарының алдынғылары жетилисип шықпақта.

Ушырсыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы жаслар менен ашық пикирлести. Соның менен бирге, өзиниң белсендилиги менен заманласлары арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар  “Үмит ушқыны” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.






Усындай ушырасыў Нөкис районында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.