Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев 15-июнь күни Ферғана ўәлаятының сайлаўшылары менен ушырасты.

Илажды талабанның Ферғана ўәлаяты бойынша исенимли ўәкили Мавлудахон Хўжаева ашты. Ол Шават Мирзиёевтиң басшылығында кейинги алты ярым жылда ўәлаятта әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилиги, халықтың абаданлығы, экономика тармақларының раўажланыўы ҳаққында айтып өтти.

Ушырасыўда Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаўалды бағдарламасы бойынша баянат жасады. Соның ишинде, билимлендириўге байланыслы режелерге айрықша тоқтады.

– Ферғана ўәлаятында мектепке шекемги билимлендириўге болған талап 100 процентке қапланады. Буның ушын 2 мың жаңа мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақшалар шөлкемлестириледи. Буннан тысқары, 2030-жылға шекем заманагөй мектеплер қурыў, барларының қуўатлылықларын арттырыў, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў есабынан қосымша 125 мың оқыў орны жаратылады. Нәтийжеде бар қуўатлылықларға еки есе көп оқыўшыға ийе болған 175 мектеп жүклемеси азайтылады.

Соның менен бирге, ўәлаяттағы 350 мектеп толық оңланады, барлық мектеплер заманагөй  компьютер класслары менен үскенеленеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентликке талабан буннан кейин медицина тараўына байланыслы режелери ҳаққында мағлыўмат берди.

– Денсаўлықты сақлаў тараўына итибарды және де күшейтемиз. 2030-жылға шекем Ферғанада 100 ден аслам медицина мәкемеси қурылады ҳәм оңланады. Тараўға жеке меншик секторды кеңнен тартыў арқалы және 300 ден аслам жеке меншик клиниканың жумысы жолға қойылады (олардың саны 1 мың 100 ге жеткериледи).

Ўәлаяттағы эндокринология, урология ҳәм кардиология орайлары, сондай-ақ, көп тармақлы емлеўхана ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем хызметин өз ишине қамтып алған бул кластерди қурыўға 150 миллион доллар қаратылады. Нәтийжеде бул кластер тәрепинен жылына 100 мың наўқасқа жоқары маман медициналық хызметлер көрсетилиўи тәмийинленеди.

Бүгинги күнде ўәлаяттағы онкологиялық кеселликке шатылған 7 мыңнан аслам наўқаслар нур терапиясын алыў ушын пайтахтқа ямаса қоңсы ўәлаятларға қатнаўға мәжбүр болмақта. Сол себепли, 10 миллион доллар инвестиция есабынан «Нур терапия орайы» иске қосылады, – деди талабан.

Шавкат Мирзиёев келеси жети жылда ўәлаятта заманагөй ҳәм қолайлы баҳада турақ жайлар қурыў көлеми үш есеге арттырылатуғыны ҳаққында да айтып өтти.

– Хабарыңыз бар, Ферғана қаласында 300 гектар майданда жаңа «Эко қала» массивин қурыўды баслағанбыз. Бул аймақтың төрттен бил бөлеги ямаса 70 гектарында «Жаңа Өзбекстан парки», жасалма көл ҳәм дем алыў парки жайласады. Бир сөз бенен айтқанда, бул қалаша адамларымыз жасаўы ушын қолайлы, қәўипсиз ҳәм ҳаўасы жағымлы  жерге айланады. Бул қалашада 15 мың шаңараққа мөлшерленген 300 көп қабатлы турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылады (усы жылдың өзинде 80 көп қабатлы турақ жай қурылады). Улыўма етип айтқанда, келеси жети жылда ўәлаятта 2,5 мың көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы есабынан, 100 мың шаңарақ ықшам турақ жайға ийе болады. Оған барлық дәреклер есабынан 2,5 миллиард доллар қаратылады, – деди Президентликке талабан.

Шавкат Мирзиёев Қоқандта болған өрт ҳаққында мүнәсибет билдирди.

– Бир мәселеге айрықша тоқтап өтсем. Усы ҳәптеде Қоқандтағы буйым базарында жүз берген өрт жүзлеген исбилерменлеримизге зыян жеткерди. Қоқандлы исбилерменлеримиз қәтержам болсын, биз ҳеш кимди өз ҳалына таслап қоймаймыз.  Бул базар узағы менен бир айда толық тиклеп бериледи, оған барлық күш ҳәм қуралларды жумсаймыз. Ким қайсы дүканда жумыс алып барып атырған болса, сол жерде исбилерменлигин даўам еттиреди. Өрттен зыян көрген барлық исбилерменлердиң кредит ҳәм салық төлемлериниң мүддети кешиктириледи. Олардың қайтадан «аяққа турып алыўы» ушын айланыс қаржы ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Өрт ақыбетиннде базарға тутас аймақларда зыян көрген халықтың турақ жайлары да толық оңлап бериледи. Улыўма етип айтқанда, жетекши жойбарлаў шөлкемлерин тартып, базарларды заманагөй, қолайлы, барлық қәўипсизлик талапларына жуўап беретуғын саўда комплекслерине айландырыў бойынша үлкен бағдарлама қабыл етемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Талабан ўәлаятта инфраструктураны жақсылаў бағдарындағы режелер ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Қытайдың 900 миллион доллар инвестициясы есабынан Өзбекстан ҳәм Бешарық районларында 900 Мегаваттлы қуяш электр станцияларының иске қосылыўы нәзерде тутылған.

Ўәлаят халқының электр тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 8 мың километр тармақ ҳәм 2 мың трансформатор жаңаланыўы, сондай-ақ, 10 мың километр жоллар ҳәм 170 көпир оңланатуғыны айтылды.

Буннан тысқары, ушырасыўда халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, мәҳәлле системасының имканиятларын кеңейтиў, суў ҳәм жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша анық реже ҳәм мақсетлер билдирилди. Талабан ҳәр бир баслама ҳәм режелердиң анық есап-санағы ҳәм дәрегиниң бар екенин атап өтип, булар тийкарында ўәлаятты 2030-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасының қабыл етилетуғынын ҳәм оған жәми 25 миллиард доллар қаратылатуғынын айтты.

Президентликке талабан ушырасыўда Өзбекстан Қаҳарманы Лола Муродованы еске алды.

– Әлбетте, ўәлаяттың пидайы дийқан ҳәм фермерлери ҳаққында сөз болғанда, Алтыарық районының перзенти болған, Өзбекстан Қаҳарманы, марҳум Лола апа Муродованы еслеймиз, Иләйым, руўхлары шад болсын. Бул мийнеткеш, кеңпейил инсан өзбек ҳаял-қызларының тымсалы еди. Ол инсанды ҳәммемиз жақсы көретуғын, терең ҳүрмет ететуғын едик.

Пүткил турмысын елдиң раўажланыўына, Ферғананы абат етиўге бағышлаған бул уллы ўатанласымыздың естелигин мәңгилестириў мақсетинде ўәлаятта Лола Муродова атындағы фермерлер мектебин шөлкемлестирсек, сизлер бул усынысқа қалай қарасыз, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Ушырасыўдағылар бул усынысты қол шаппатлаўлар менен қоллап-қуўатлады.

– Бул мектепте тек ғана Ферғана емес, барлық аймақларымыздан келген фермерлер билим ҳәм маманлық арттырса, мақсетке муўапық болады, – деп ойлайман, – деди талабан.

Талабан фермерлер ҳәм кластерлер жумысының ҳуқықый кепилликлериниң күшейтилиўи режелестирилип атырғанын мәлим етти.

Соның ишинде:

– кластерлер ҳәм фермерлер арасындағы шәртнама қатнасықлары толық қайта көрип шығылады;

– кластерлер тәрепинен фермерлерге көрсетилип атырған қосымша хызметлер олар менен өз-ара келисим тийкарында өз алдына есап-санақ етиледи;

– буннан былай районда реже орынланбай атыр, шарўа, қус ямаса балықшылыққа от-жем керек, деген ўәжлер менен фермелердиң жумысына араласыўға қатаң шек қойылады;

– аўыл хожалығы министрлигиниң системасы, ҳәкимлер фермер ҳәм кластерлердиң өнимлерине базар табыўға жәрдемлесиў менен шуғылланады;

– фермерлердиң жумыс түрин өзгертиўи әпиўайыласқан тәртипте болады;

– аўыл хожалығында кластерлер ҳәм фермерлердиң жерин ҳақыйқый базар активине айландырыў бойынша жаңа система жаратылады. Қысқаша етип айтқанда, жердиң ижара ҳуқықын басқа шахсқа өткериў, саўға етиў, кредит алыўда гиреў сыпатында пайдаланыў мүмкин болады.

Ушырасыў соңыңда партия ўәкиллери ҳәм мирәт етилген мийманлар шығып сөйледи. Олар сайлаўалды бағдарламасынан орын алған ҳәр бир баслама ўәлаят халқының турмыс абаданлығын буннан былай да арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтип, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында Шавкат Мирзиёевтиң кандидатурасын қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА