Усы жыл 14-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы  Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме хызметлериниң жумысларына бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Атап өтилгениндей, орынларда өткерилген көшпели қабыллаўларда келип түскен мүрәжатлардың орынланыўы таллап көрилгенде, қанаатландырыў дәрежеси көпшилик мәкемелер ҳәм районларда талапқа жуўап бермей атырғанлығы анықланған. Атап айтқанда, Беруний, Кегейли, Елликқала, Қараөзек районлары ҳәкимликлеринде, Бюджеттен тысқары Пенсия қоры, “Халық банки”, “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖда мүрәжатлардың унамлы шешилиўи төмен дәрежеде болып қалмақта. Көрип шығылған мүрәжатларға берилген жуўаплар таллап көрилгенде, орынлардағы айырым басшылар тәрепинен мүрәжат ийелерине жүзеки жуўап бериў жағдайлары жүз берген.

Жоқарғы Кеңестиң “Халық мүрәжаты” платформасына келип түскен мүрәжатлар көрип шығылғанда, айырым мәкемелер тәрепинен унамлы шешилиў дәрежеси қанаатландырарлы емеслиги анықланған. Буннан тысқары, бир пуқараның бир неше мәрте мүрәжат етиўи жағдайы бойынша анық илажлар көрилмеген. Сектор басшылары тәрепинен өткерилип киятырған қабыллаўлар, мүрәжатлардың унамлы шешилиўи бойынша жумыслар да талап дәрежесинде емес.

Мәжилис күн тәртибинде кейинги мәселе жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме хызмети жумысларының нәтийжелилигине арналды. Онда тараўдағы бир қатар қәте-кемшиликлер сынға алынды.



Атап айтқанда, Беруний, Хожели, Мойнақ районлары, Бажыхана баскармасы тәрепинен медиа-режеде белгиленген бәнтлер өз ўақтында орынланбаған. Бүгинги күнде жаслар арасында ең көп пайдаланылатуғын социаллық тармақларда көпшилик рәсмий каналларды жүргизиў сапасы жүдә төмен дәрежеде болмақта.

Соның менен бирге, Өзбекстан көлеминдеги телеканалларда ҳәм жергиликли телеканаллар арқалы орынларда әмелге асырылып атырған илажларды сәўлелендирип барыў жумыслары да айырым орынларда төмен дәрежеде шөлкемлестирилмекте. Әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумысларын халыққа толық жеткериў, оларды рәсмий сайтларында, социаллық тармақларда жарытып барыў илажлары Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Мойнақ, Тахтакөпир районларында жүдә төмен дәрежеде алып барылмақта.

Буннан тысқары, мәжилисте қабыл етилген пәрманлар, қарарлар ҳәм нормативлик ҳүжжетлер бойынша үгит-нәсият жумыслары, сын пикирлерге мүнәсибет билдириў талап дәрежесинде орынланбай атырғанлығы атап өтилди.

Мәжилисте өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы, берилген тапсырмаларды талап дәрежесинде орынламағаны, мүрәжатлар менен ислесиўде кемшиликлерге жол қойғаны ушын Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри, Қараөзек районы көп тармақлы медицина бирлеспеси баслығы, Бас медицина, мийнет эксперт комиссиясы баслығы, Нөкис қаласы ҳәкиминиң қурылыс,  коммуникациялар,  коммунал хожалық,  экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары,  Қурылыс тараўындағы аймақлық қадағалаў инспекциясы баслығы, Кән-геология жумысын бақлаў инспекциясының баслығы, Жаслар ислери агентлиги менен Қурылыс ҳәм  турақ жай коммунал хожалығы министрлигиниң мүрәжатлар менен ислесиў бойынша қәнигелери, Бозатаў, Елликқала, Мойнақ районы ҳәкимликлериниң мүрәжатлар менен шуғылланған қәнигелери интизамый жазаға тартылды.

Буннан тысқары, Тахтакөпир, Қараөзек, Нөкис, Қанлыкөл, Төрткүл, Беруний, Мойнақ районы ҳәкимликлериниң, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң мәлимлеме хызмети басшыларын интизамый жазаға тартыў, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығын ийелеп турған лаўазымынан босатыў, Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети баслығының лаўазымына ылайықлығын көрип шығыў бойынша тапсырма берилди.


Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги