Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев 13-июнь күни Хийўа қаласында Хорезм ўәлаятының сайлаўшылары менен ушырасты.

Ушырасыўды талабанның Хорезм ўәлаяты бойынша исенимли ўәкили Рашид Рўзибоев ашты. Ол өзиниң сөзинде Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Хорезм ўәлаятын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, исбилерменлик орталығын жақсылаў, адамлардың турмыс сапасын арттырыў бойынша ерисилген нәтийжелерди атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентилигине талабан Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаўалды бағдарламасы бойынша баянат жасады.

Бағдарлама бес стратегиялық мақсетти қамтып алған:

Биринши мақсет – ҳәр бир инсанға өз имканиятын жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шараят жаратыў. Екинши мақсет – адамларды турмыстан разы етиў ушын турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў. Үшинши мақсет – суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў. Төртинши мақсет – нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў. Бесинши мақсет – Жаңа Өзбекстан қәўипсиз ҳәм тынышлық сүйетуғын мәмлекет.

Талабан бул бағдарлардың ҳәр бири бойынша Хорезм ўәлаятына байланыслы режелерди билдирди. Улыўма етип айтқанда, бул аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын өз алдына жети жыллық бағдарлама қабыл етилип, оған зәрүр қаржы қаратылатуғыны айтылды.

Ушырасыўда Хорезм ўәлаятындағы өзгерислер атап өтилди:

алты ярым жылда ўәлаят экономикасы 1,3 есе өсип, 32 триллион сумға жетти, халықтың жан басына дәрамат 16,5 миллион сумнан артты;

– ўәлаятта бақшалардың қамтып алыўы 22 проценттен 79 процентке, жоқары оқыў орынларында болса 8 проценттен 38 процентке көбейди;

– бурын тек ғана Үргенш мәмлекетлик университети болған, ҳәзирге келип 5 мәмлекетлик, 3 мәмлекетлик емес ҳәм 1 сырт ел жоқары оқыў орынлары жумыс алып бармақта;

– студентлер саны 5 есеге көбейип, 46 мыңға жетти;

28 заманагөй емлеўхана ҳәм поликлиникалар шөлкемлестирилди;

500 мыңнан аслам халық жасап атырған мәҳәллелерге орайласқан тармақлар арқалы суў жеткерип берилди, суў тәмийнаты 2017-жылдағы 52 проценттен 86 процентке жетти

Шавкат Мирзиёев 2030-жылға шекем ўәлаятта мектепке шекемги билимлендириўге болған талап толық қапланатуғынын ҳәм қамтып алыўы ҳәзирги 79 проценттен 100 процентке жеткерилетуғынын мәлим етти.

Усы мақсетте дерлик 2 триллион сум қаржы есабынан 500 ге шамалас жаңа бақша шөлкемлестириледи.

– Келеси жети жылда заманагөй мектеплер қурыў, барларының қуўатлылықларын арттырыў есабынан қосымша 90 мың оқыўшы орны жаратылады. Нәтийжеде, ўәлаятта оқыўшысы 30 дан көп болған класслар қалмайды, – деп атап өтти талабан (ҳәзирги ўақытта 2 мыңнан аслам класста 35 ҳәм оннан көп бала оқыйды).

Хорезмде халықтың суў тәмийнатын жақсылаўға айрықша итибар қаратылатуғыны айтылды.

– Халықтың заманагөй турақ жайға өсип атырған талабын қанаатландырыў мақсетинде, 50 мың шаңараққа ийе 2 мың көп қабатлы турақ жайлар қурылады. Соның менен бирге, 2030-жылға шекем Үргенш, Хийўа, Питнак қалалары, Гурлен, Топыраққала, Хазарасп, Бағат, Ханқа ҳәм Янгиариқ районларындағы 1 миллион халықтың суў тәмийнаты жақсыланады. Оған 100 миллион доллар қаратылады, – деп атап өтти президентликке талабан.

Бақшаларда компьютер классларын шөлкемлестириў, баслаўыш класс оқыўшыларына планшет тарқатыў Хорезмнен басланатуғыны мәлим етилди.

– Хорезмниң «мирәт қағазы» IT болады. Бәринен бурын, «мектеп – жоқары оқыў орны – IT компаниясы»нан ибарат тутас IT билимлендириў ҳәм хызметлер шынжыры жаратылады. Буның ушын, ўәлаятта жети жылға мөлшерленген, санластырыў тараўында «Муҳаммед ал-Хорезмий мийрасқорлары» деп аталған жойбарға старт бериледи. Биз бақшаларда компьютер классларын шөлкемлестириў, баслаўыш класс оқыўшыларына планшет  тарқатыўды Хорезмнен баслаймыз. Биринши басқышта ўәлаяттағы 543 мектептен 110 и таңлап алынып, баслаўыш класс оқыўшыларына «ноутбук» бериледи. Жоқары классларда программаластырыў, веб-дизайн сыяқлы тараўлар кәсип сыпатында оқытылады, – деп атап өтти талабан.

Ушырасыўда Хорезмде авто ҳәм электромобильлер ислеп шығарыў ушын 30 кәрханадан ибарат машина қурылысы кластери шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди.

– Питнактағы автомобиль заводының қуўатлылықлары келеси жылдың өзинде ҳәзирги 90 мың данадан, 150 мыңға жеткериледи. Усы жердиң өзинде жаңа авто ҳәм электромобильлер ислеп шығарыў ушын 30 кәрханадан ибарат машина қурылысы кластери шөлкемлестириледи ҳәм импорт болып атырған 100 түрдеги аўысық бөлеклер локализацияланады. Бул кластерлерде 2030-жылға келип, жылына 2 миллиард доллар муғдарында өним ислеп шығарылады, – деди талабан.

Президентликке талабан Шавкат Мирзиёев хорезмли сайлаўшылар менен ушырасыў ўақтында кейинги жети жылда жол, электр ҳәм суў инфраструктурасына ири муғдарда инвестиция киргизилетуғынын атап өтти.

– 2025-жылдан Ташкент – Хийўа «Жалолиддин Мангуберди» тезжүрер поездының қатнаўы жолға қойылады. Буның ушын, Бухара – Үргенш – Хийўа темир жолы 365 миллион доллар инвестиция есабынан электрлестириледи. Келеси жети жылда Хорезмде туризм ушын, жол, электр ҳәм суў инфраструктурасына 200 миллион доллар жумсалады, – деди талабан.

Ушырасыўда келеси жылларда илимий шөлкем хызметкерлериниң мийнет ҳақысы еки есеге арттырылатуғыны белгиленгени мәлим етилди.

– Экономиканың ең тез өсип атырған бағдарларында әмелий изертлеўлерди күшейтип, «кәрхана – жоқары оқыў орны – илимий шөлкем» кластер системасын жедел коллап-қуўатлаймыз. Келеси жети жылда әмелий изертлеўлерге мәмлекет тәрепинен 4 триллион сум, тармақлар ҳәм жеке меншик сектор тәрепинен де және сонша қаржы қаратылады. Сондай-ақ, Инновация қорына 5 триллион сум ажыратылып, жаңа жойбарларды қоллап-қуўатлаўға жумсалады.

Тил ҳәм әдебият, тарийх, археология, мәденият сыяқлы бағдарлар бойынша өз алдына илимий-изертлеў бағдарламаларын қабыл етемиз. Усы мақсетлерге келеси жети жылда 2 триллион сум ажыратылады. Келеси жылларда илимий шөлкем хызметкерлериниң мийнет ҳақысы еки есеге арттырылады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ушырасыўда ўәкиллер шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында Шавкат Мирзиёевтиң кандидатурасын қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти ҳәм басқаларды да соған шақырды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА