Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев 12-июнь күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы сайлаўшылары менен ушырасты.

Ушырасыўды талабанның Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкили Байрамбай Өтемуратов ашты.

Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаўалды бағдарламасы бойынша баянат жасады.

Талабанның бағдарламасы түрли тараўларды қамтып алған тийкарғы бағдарлардан ибарат.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстанда 160 жаңа бақша қурылатуғыны ҳәм оңланатуғыны, 2 мың жеке меншик бақша шөлкемлестирилетуғыны белгиленген.

– Биз келеси жети жылда қосымша 100 мың жаңа оқыўшы орнын жаратамыз. Онда, 30 жаңа мектеп ҳәм 150 мектеп ушын қосымша имарат қурылады, 350 и оңланады. Қәнигелескен мектеплердиң саны болса, 2 есеге арттырылып, 32 ге жеткериледи. Нәтийжеде, Қарақалпақстандағы мектеплерде 30-35 тен аслам бала оқыйтуғын класслардың улыўма саны болмайды. Биз 1-4-класс оқыўшыларына бийпул аўқат бериўди Қарақалпақстаннан баслаған едик. Енди, алыс ҳәм шетки аўыллардағы балаларымыздың мектепке барыўы ушын автобус қатнаўын да, биринши болып усы жерден баслаймыз», – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстанда халықты турақ жай менен тәмийинлеў, инфраструктура объектлериниң қурылысына айрықша итибар қаратылады.

Атап айтқанда, мәҳәлле ҳәм аўылларда 6 мың километр жоллар ҳәм 150 көпир оңланады; 5 мың километр электр тармағы, 1 мың 350 трансформатор ҳәм 10 подстанция жаңаланады; 70 мың квартираға ийе 2 мың көп қабатлы турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылады; барлық социаллық ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм 17 мың шаңарақта 55 мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш панеллери орнатылады.

Президентликке талабан Шавкат Мирзиёев жаңа оқыў жылынан баслап, жоқары оқыў орнында оқып атырған ҳаял-қызлар ушын, ким төлейтуғынына қарамастан, контракт төлеми дәрамат салығынан азат етилетуғынын мәлим етти.

Сондай-ақ, Қарақалпақстанда агро-технологиялар ҳәм инженерлик бағдарларында жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларының филиаллары ҳәм Нөкисте Санлы технологиялар институты ашылады.

«Улыўма етип айтқанда, биз Қарақалпақстанда жоқары билимлендириўге қамтып алыўды келеси жылдың өзинде 50 процентке жеткеремиз. Буның ушын, сырт елде оқып атырған жасларымыздың оқыўын елимиздиң жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында көшириў әмелиятын жолға қоямыз», – деп атап өтти талабан.

Билимлендириў тараўының тийкарғы сүйениши болған әзиз ҳәм қәдирли муғаллимлер және устазлар, жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшыларының машақатлы мийнети буннан былай да мүнәсип хошаметленип барылатуғыны атап өтилди.

Шавкат Мирзиёев Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылатуғыны мәлим етти.

Қарақалпақстандағы Онкология ҳәм радиология орайының филиалы ушын жаңа имарат қурылады ҳәм ең заманагөй үскенелер менен толық тәмийинленеди. Оның аймағында наўқаслардың жақынлары ўақтынша жасап туратуғын жатақхана қурылады.

– Келеси жылдан Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңыратта да 200 процент муғдарында айлық үстеме төлеўди жолға қоямыз (ҳәзир үстеме 100 процент болғаны ушын, бул районларға врачлар бармай атыр). Сондай-ақ, Қарақалпақстандағы алыс ҳәм шетки аўылларда жумыс ислеп атырған барлық маман медицина хызметкерлерине 5 миллион сумға шекем өз алдына үстеме бериледи. Тек ғана Қарақалпақстан ушын, халықтың стационарда емлениў қәрежетлерин дәрамат салығынан азат етсек, әдил ис болады, – деп ойлайман», – деди талабан. – Социаллық реестрге кирген халық ордер тийкарында Ташкент қаласы ямаса басқа да ўәлаятқа емлениўге келгенинде, оларға авиа ҳәм темир жол қәрежетлери толық қаплап бериледи.

Соның менен бирге, қарақалпақстанлы балаларға жоқары технологиялы операциялар ушын қәўендерлик еткен исбилерменлердиң бул қәрежетлери салық өндириў базасынан шегирип тасланады.

Шавкат  Мирзиёев жаслар ушын жеке меншик турақ жайлар қурылысы ҳәм келеси жети жылда ҳәр жылы 1 мың жас шаңараққа жеңиллетилген ипотека кредитлериниң берилетуғынын мәлим етти.

Буның ушын бул жойбарға Хожели районында биринши басқышта 100 гектар жер ажыратылатуғыны ҳәм 100 миллион доллар қаржы қаратылатуғыны белгиленген.

Сондай-ақ, Хожели районында шөлкемлестирилетуғын «Жаслар социаллық-экономикалық орайы»на еркин экономикалық зона статусы берилетуғыны ҳәм жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў шәрти менен исбилерменлерге салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилетуғыны нәзерде тутылған.

Бул Орайда тек ғана өндирис объектлери емес, ал кәсипке оқытыў орайлары, IT парк филиалы, жойбарлаў офислери жайластырылады.

Талабан Елликқала, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары туризмге қәнигелестирилетуғынын, Төрткүл, Беруний, Әмиўдәрья, Хожели, Қанлыкөл, Қоңыратта жол-саўда инфраструктурасы кеңейтилетуғынын атап өтти.

Ташкенттен Нөкиске тез жүрер поезд қатнаўы жолға қойылатуғыны мәлим етилди. Нәтийжеде жолаўшылардың мәнзилге жетип барыў ўақты 16 сааатдан 7 саатқа шекем қысқарады. Буның ушын узынлығы 465 километр болған «Бухара – Үргенш – Хийўа» ҳәм узынлығы 196 километр болған «Мискин – Нөкис» темир жол линиялары электрлестириледи. Бул жойбарға 460 миллион доллар қаратылатуғыны нәзерде тутылған.

– Бул линия иске қосылғаннан кейин, «Ташкент – Самарқанд – Бухара – Хийўа» дәстүрий туристлик шынжырына Қарақалпақстан да қосылады. Нәтийжеде, сырт ел ҳәм жергиликли туристлердиң елимизде 4-5 күнге шекем болыўын тәмийинлеў, туристлик хызметлер экспортын 100 миллион долларға жеткериў имканияты жаратылады (2023-жылы 25 миллион доллар), – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәҳәллениң финанслық еркинлигин арттырыў бойынша да бир қатар жаңалықлар исленетуғыны атап өтилди. Бул бағдарда халықтан жыйналатуғын мүлк ҳәм жер салықлары бирден-бир мүлк салығы болып бирлеседи ҳәм халықтан өндирилетуғын бөлеги мәҳәлле бюджетине толық өткериледи. Бул – Қарақалпақстандағы мәҳәллелердиң ықтыярында ҳәр жылы 230 миллиард сумнан қосымша қаржы қалады, дегени.

Сондай-ақ, мәмлекет бойынша халықтың мүлк ҳәм жер салықларынан қарыздарлықлары бойынша 500 миллиард сум пеня кешип жиберилетуғыны мәлим етилди. (Қарақалпақстанда 30 миллиард сумға шамалас).

– Соның менен бирге, мәҳәллелер ушын «Ашық бюджет» имканиятларын буннан былай да кеңейтемиз ҳәм оған ажыратылатуғын қаржыларды 3 есеге арттырамыз. Енди, «Ашық бюджет» жойбарларының жеңимпазы болыў ушын 1,5 мың даўыс жетерли болады ҳәм бул мақсетлер ушын жылдың ақырына шекем және 1,2 триллион сум ажыратамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ушырасыўда партия ўәкиллери шығып сөйлеп,  Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында Шавкат Мирзиёевтиң кандидатурасын қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти ҳәм басқаларды да соған шақырды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ, ӨзА