Инновациялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм кеңсе мәлимлеме системаларын жедел интеграцияласыўының шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызметиниң Telegramдағы каналы мәлим етти.

Қарар тийкарында, 2018-жылдың 1-ноябрине шекем сынаў тәризинде Ташкент қаласында төмендеги системалар иске түсириледи:

– телефондағы сәўбетлесиўлер қәўипсизлиги ҳәм қадағалаўын тәмийинлейтуғын ҳүкиметтиң мобиль байланыс системасы;

– әмелдеги паспортлар, туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықлар ҳәм шахсты тастыйықлайтуғын басқа гүўалықлар (республиканың ишинде) системасының орнына бирден-бир идентификациялық номер, оның жеке мағлыўматлары ҳәм мәмлекетлик хызметлерди алыўда шахсты анықлаў ушын қолланылатуғын басқа мағлыўматлар болған идентификациялық карталар (ID-карталар) системасы;

– транспорт қураллары ушын қағаз ҳүжжетлерди бийкар етиў, барлық тийисли мағлыўматларды автомобиль ийелериниң ID-карталарына киргизилетуғын, әмелдеги мәмлекетлик номерлерди халықаралық үлгидеги номерлерге алмастырыўды көзде тутатуғын транспорт қуралларын есапқа алыў системасы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги