Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миризиёев Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелланың мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болып тур.

8-июнь күни Италия Республикасы Президентиниң резиденциясы – Рим қаласындағы Квиринал сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Сарай алдындағы майданда жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл ҳәм атлы гвардия әскерлери сап тартты. Квиринал сарайының минарасында Италия, Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамының байрақлары көтерилди.

Мәмлекетимиз басшысын Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелла күтип алды.

Әскерий оркестр еки мәмлекеттиң миллий гимнлерин атқарды.

Ҳүрметли қараўыл баслығы мәмлекетимиз басшысына рапорт берди.

Президентлер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.

Биргеликте сүўретке түсиў мәресиминен кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзёев ҳәм Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелланың сөйлесиўлери болып өтти.








Мәмлекетимиз басшысы сапар менен келиў усынысы ҳәм қызғын миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, Президент Сержо Маттарелла ҳәм Италия халқын күни кеше өткен миллий байрам – Республика жәрияланған күн менен қутлықлады.


Италия Президенти Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформаларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди ҳәм мәмлекетимиздиң Орайлық Азияда турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

Мәмлекет басшылары экономикалық мәселелерди көрип шықты.

Кейинги жылларда өз-ара товар алмасыў ҳәм қоспа кәрханалар саны еки есеге көбейди. Елимизде Италияның Pietro Fiorentini, Terra-nova, Danieli, Imagro, Ansaldo, Saipem сыяқлы жетекши компаниялары табыслы жумыс алып бармақта.



Президентлер күни кеше өткен бизнес-форум нәтийжелерин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Оның жуўмағында улыўма баҳасы 9 миллиард евродан аслам болған келисим ҳәм шәртнамалардың салмақлы топламына қол қойылды.

Гуманитар байланысларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан ҳәм Италияның мәдений-тарийхый мийрасына бағышланған көргизбе шөлкемлестириўге келисип алынды.

Буннан тысқары, билимлендириў, археология, экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў тараўларында бирге ислесиў перспективалары додаланды.


Ташкентте Турин ҳәм Пиза университетлериниң филиаллары табыслы жумыс ислемекте. Избе-из үш жыл Өзбекстан Венециядағы Халықаралық биеналледе қатнасып келмекте.

Жыл басынан мәмлекетимизге келип атырған италиялы туристлердиң саны 5 есеге көбейди. Усы жылы апрель айынан баслап Ташкент ҳәм Милан арасында тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылғаны туристлер ағымының артыўына хызмет етеди.



Жетекшилер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер, бәринен бурын Аўғанстандағы жағдай бойынша да пикир алысты. Аўған халқына мәнзилли гуманитар жәрдемди даўам еттириў ҳәм арнаўлы ўәкиллердиң мәсләҳәтлесиўлерин турақлы өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Шавкат Мирзиёев Сержо Маттареланы мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.

Рим қаласындағы рәсмий илажлар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Кижи сарайында Италия Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Джорджа Мелони менен сөйлесиў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы Италия үлкесинде көрсетилип атырған миймандослық ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Италия Өзбекстанның Европадағы әҳмийетли ҳәм исенимли шериги екени, кейинги жылларда сиясат, қәўипсизлик, экономика, энергетика, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў жеделлескени атап өтилди.


Бүгин стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылып, мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслар мисли көрилмеген жоқары дәрежеге шықты. Бул, әлбетте, тарийхый ўақыя Өзбекстан – Италия көп тәреплемели бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўда жаңа әҳмийетли басқыштың басланыўы болып есапланады.

Бас министр Джорджа Мелони Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын демократиялық жаңаланыўлар ҳәм экономикалық реформаларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын және олардың табыслы болатуғынына исенетуғынын билдирди.

Жетекшилер қатнасықларды тийкарғы бағдарларда буннан былай да беккемлеў перспективаларын ҳәр тәреплеме додалады.


Саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм инвестициялар көлеми кейинги жылларда еки есеге көбейди. Металлургия, энергетика, электротехника ҳәм басқа да тармақларда Италияның жетекши компаниялары менен санаат кооперациясының жойбарлары табыслы әмелге асырылды.

Әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар екенин есапқа алып, тәреплер технологиялық ҳәм инновациялық шериклик бойынша қоспа жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.


Еки мәмлекет аймақлары арасындағы тиккелей байланысларды хошаметлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәденият, итальян тилин үйрениў, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў ушын үлкен имканият бар екени көрсетип өтилди.

Бас министр Өзбекстанның Орайлық Азияда шериклик, жақсы қоңсышылық ҳәм исеним орталығын беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлады ҳәм «Италия – Орайлық Азия» бирге ислесиў форматын буннан былай да раўажландырыўға шақырды.


Аўғанстандағы жағдай бойынша пикир алысып, аўған халқына инсаныйлық жәрдемин көрсетиўди, соның ишинде, Термиз қаласындағы логистика орайының имканиятларынан пайдаланған ҳалда даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Италияның Бас министри Джорджа Мелониди сапар менен елимизге келиўге мирәт етти.










Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Джорджа Мелони еки мәмлекет арасында Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы қоспа декларацияны қабыллады.

Жетекшилер қатнасыўында көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған 11 мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлерди алмасыў мәресими де болды. Ҳуқықый мәселелерде, санаат мүлки ҳәм аўыл хожалығы тараўларында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер усылардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлиги менен Италия саўда агентлиги арасында реставрация тараўында, Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў фонды ҳәм Италия Республикасы Мәденият министрлиги арасында мәденият тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумлар, сыртқы ислер министрликлери арасында 2023-2024-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы ҳәм 2026-жылға шекем мәдений алмасыўлар бағдарламасы қабыл етилди.




Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Италияға рәсмий сапарының биринши күнинде БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) офисине келди ҳәм оның директоры Цюй Дунъюй менен ушырасыў өткерди.


Өзбекстан менен бул әҳмийетли қәнигелестирилген халықаралық институт арасындағы бирге ислесиўди, бәринен бурын, аграр тармақты модернизациялаў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў сыяқлы тийкарғы бағдарларда кеңейтиўдиң әмелий тәреплери де көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги жыллардағы жемисли бирге ислесиў нәтийжелерин айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекстанда ФАО офиси табыслы жумыс алып бармақта. Кейинги бир неше жылда бирге ислесиў портфели үш есеге кеңейди ҳәм бүгинги күнде жер ҳәм суўдан пайдаланыў, агросанаат комплекси, тоғай хожалығы, экология, шарўашылық ҳәм көплеген басқа да бағдарларды қамтып алған.


Глобаллық көлемде азық-аўқат қәўипсизлигине қәўип-қәтерлер күшейип атырған шараятта шерикликти буннан былай да кеңейтиўден тәреплер мәпдар екени атап өтилди.

Азық-аўқат қәўипсизлиги, фундаментал илимий-изертлеўлер, аўыл хожалығын санластырыў, Аралбойының экологиялық машқалаларын шешиў ҳәм басқа да тараўларда анық жойбарлар менен илажларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын 2030-жылға шекем бирге ислесиў бойынша кең көлемли бағдарламаны ислеп шығыў тийкарғы бағдар сыпатында белгилеп алынды.


ФАО қәўендерлигинде Самарқандта өткерилетуғын жоқары дәрежедеги халықаралық конференцияға таярлық мәселелери де додаланды.

Бас директор Цюй Дунъюй Өзбекстанда аграр тараўды модернизациялаўға қаратылған структуралық реформаларды қоллап-қуўатлады.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз жетекшиси бас директорға усы жылдың июль айында болажақ ФАО баслығы сайлаўында табыслар тиледи.

Соның менен биринши күннин илажлары жуўмақланды.

Буннан кейин мәмлекетимиз басшысы Римнан Милан қаласына келди.

«Мальпенсе» аэропортында жоқары мәртебели мийманды Ломбардия ўәлаятының баслығы күтип алды.

9-июнь күни мәмлекетимиз басшысы бул аймақтың губернаторы менен ушырасады ҳәм Италияның жетекши компаниялары ҳәм шөлкемлериниң басшылары менен дөгерек сәўбетин өткереди.

«ITMA 2023» тоқымашылық машина қурылысы бойынша ең ири халықаралық көргизбеге барыўы да режелестирилген.





ӨзА