Елимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти және де беккемлеў, социаллық-руўхыйлық орталықтың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде,  Шымбай педагогикалық  колледжинде  «Миллий кийимлер-руўхыйлық айнасы» атамасында мәдений-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Илажда Дин ислери қомитетиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигеси Қ.Ибраимова, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң бас қәнигеси А.Сейтеновлар таңлаўдың әҳмийети ҳәм мақсети ҳаққында кең түрде айтып берди.

Илаж даўамында колледждиң оқытыўшы ҳәм оқыўшы-жаслары тәрепинен қарақалпақ, өзбек, қазақ ҳәм орыс халқының миллий кийимлери көргизбеси шөлкемлестирилип, миллий қосықлар атқарылды.

Талантлы оқыўшылар тәрепинен таярланған сахналық көринислер кеше қатнасыўшыларында өзгеше тәсир қалдырды.

Илаж соңында кешени өткериўге белсене қатнасқан колледждиң бир қатар оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  Ҳүрмет жарлықлары  ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы