Нөкис қаласындағы «AVANGARDBASPA» дан Қарақалпақстан хабар агентлигиниң жетекшишолыўшысы Әдилбай Оразовтың «Уйқыдағы қыз» атамасындағы китабы баспадан шықты.

Бул китап автордың өткен жылы баспадан шыққан «Ўатан ушын от кешкен қаҳарманлар» атлы туңғыш китабынан кейинги екинши китабы.

Әдилбай Оразов 1979-жылы Шымбай районының «Қызылөзек» елатында туўылған. 2004-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика бөлимин тамамлағаннан соң, Қарақалпақстан радиосында редактор, «Еркин Қарақалпақстан» газетасында арнаўлы хабаршы, бөлим редакторы, «Қарақалпақстан жаслары» газетасында бас редактор, Бозатаў районы ҳәкимлигинде мәлимлеме хызмети баслығы болып жумыс иследи.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан хабар агенлигинде жетекши-шолыўшы лаўазымында жумыс ислеп келмекте.

Әдилбай Оразовтың бул китабында ашықлық, муҳаббат, жаслық, туўған жер темаларындағы қосықлары орын алған.

– Қосықлары қонымлы. Кеўилге түртки салатуғын қосықлары баршылық. Әсиресе, «Ақтуба ҳәм Қыз әўлийе ҳаққында аңыз» деп аталатуғын көлемли шығармасы адамда қандай да бир дәстанның үзиндисин оқып атырғандай тәсир қалдырады. Жас авторға буннан былайғы дөретиўшилигине де тасқын табыслар тилеймен, деп китапқа пикир билдирген шайыр Оразбай Сәтбаев.

Бизде кәсиплеслеримиз атынан авторды қызғын қутлықлап, дөретиўшилик жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги