Жеке пикир

Инсан егер руўхый жақтан түскинликте болса, тек материаллыққа байланысқан, қызығыўшылықлары сөнген, әтирапындағы барлық нәрсеге итибарсыз, яғный сезими өлген, руўхый дүньясы сайыз инсанға айланады. Өйткени инсан тек ишип жеў, буйым-дүнья топлаў ушын жасамайды.

Инсан пайда болғанлы  өзиниң руўхый  дүньясын әдебият, көркем өнер менен байытып, азықландырып келген. Әдебияттың дәслепки үлгилери  адамзат жазыў, оқыўды билмеген дәўирлерде халықтың аўызеки әдебияты түринде қәлиплескен. Ҳәр бир инсан  қандайда бир әдебий-көркем дөретпени тыңлап яки оқыса, өзинде жаңаланыў сезимин пайда етеди. Оның көз алдында бир мәўритке болса да дүнья көринислери өзгереди. Ол өзи жасап турған орталықтан басқа бир дүнья менен  биймәлел байланыса алады. Оның ой-өриси  кеңейип, сана-сезими өсип, дүньяны ҳәм адамды түсиниўи арқалы пикирлери жаңаланып барады.

Әсиресе, тәбият ҳәм инсанның әжайып  сырларын ашып беретуғын дөретпелерди оқығанда, инсан өзиниң не ушын жаратылғаны, неге жасап атырғаны, қалай жасап атырғанына сырттан  нәзер  сала алады. Дөретпе қаҳарманларының тәғдирин  қайғырып, өз турмыс жолы – тәғдирине басқаша нәзер  менен қарай баслайды. Өзине болған исеними артады. Руўхый дүньясын байытып, көбирек изленген инсан, әлбетте, “Мен киммен?”, “Неге жасап  атырман?” деген сораўларға жуўап табады. Әййемги Шығыста ҳәм греклерде медицина, тарийх, философияға тийисли дөретпелер қосық түринде жазылған. Аристотель айтқанындай,  китап идеяның оқыўшы санасына сиңип барыўына жәрдемлеседи.

Сонлықтан хәр биримиз китап оқыўды үрдис етсек олардан руўхый азық алып қоймастан, дүньяға көзқарасымызды да жақсы тәрепке өзгерте аламыз. Неге дегенде, китап руўхый дүньямыздың бийбаҳа жемиси.

 

Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,

ҚМУ, Малимлеме хызмети ҳәм

Жәмийетшилик  пенен байланыслар тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги