Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасы хызметкерлери арасында шахмат бойынша жарыс болып өтти.



Қызықлы өткен жарыс жуўмағында биринши орынды Нөкис қаласы бойынша Ишкки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы жанындағы Тергеў бөлиминиң тергеўшиси, подполковник  Үмида Оразбаева, екинши орынды Бозатаў районы Ишки ислер бөлими жанындағы Тергеў топарының тергеўшиси, капитан Надирбек Давлатов, үшинши орынларды Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасының тергеўшиси,  майор Нурбек Бекмуратов ҳәм Тақыятас районы  Ишки ислер бөлими жанындағы Тергеў топарының аға тергеўшиси, капитан Зафар Алламов ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң диплом және естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги