Өткен гүзде 3400 гектар жерге гүзлик бийдай туқымын сепкен Қоңырат районы дийқан-фермерлери усы егилген майданларға агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериўи нәтийжесинде өзлери дийдилегендей зүрәәт жетистириўге еристи.

Ҳәзирги ўақытлары район аймағындағы бийдай атызлары бир тегис ырғалысып, толық писиўге шамаласты.

«Қоңырат ун заводы» акционерлик жәмийетинде усы атызлардағы бийдайларды сепситпей жыйнап алыў ҳәм комбайнлардың ғәлле орымы мәўсимине таярлығын көзден өткериўге бағышланған көргизбели семинар өткерилди.

Оған республикадан бириктирилген жумысшы топар ағзалары, райондағы сектор басшылары ҳəм аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери қатнасты.

Онда район ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм тийисли тараўлардың жуўапкер хызметкерлери шығып сөйлеп, быйылғы орым-жыйын жумысларын қысқа мүддетлерде, сапалы жуўмақлаў ушын тийисли мәсләҳәтлер берилди.

Сондай-ақ, илажда ғәлле орағына қатнасатуғын техникалардың сазлығы тексерилип, әмелдеги тәртип-қағыйдалар түсиндирилди. Қоңырат районы бойынша быйыл гүзлик бийдай орым-жыйыны мапазына 13 заманагөй комбайнлардың қатнасыўы белгиленген болып, олар бүгинги күнде техникалық жақтан толық таяр ҳалатқа келтирилген.



А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы