Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-июнь күни Шолпаната қаласында өткерилген Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы жетекшилериниң екинши ушырасыўында қатнасты.

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың басшылығында өткен илажда Европа Кеңесиниң Президенти Шарль Мишель, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Нурмуҳаммад Аманнепесов та қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлектелери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери ҳәм әҳмийетли халықаралық және регионаллық машқалалар додаланды.

Өзбекстан басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жетекшилердиң Астанада өткен биринши ушырасыўдан кейин қысқа дәўирде конструктивлик сиясий сөйлесиў ҳәм көп тәреплемели шерикликти раўажландырыў бойынша үлкен жумыслар исленгенин атап өтти.

Соның ишинде, Регионаллық өз-ара байланыслылық бойынша жоқары дәрежедеги конференция өткерилип, онда санластырыў, транспорт коммуникациялары, энергетика ҳәм суў ресурсларын басқарыў тараўларындағы жойбарларды, соның ишинде, Европаның «Глобаллық дәрўаза» стратегиясы шеңберинде алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Орайлық Азияда турақлы энергетика системасын жаратыў ҳәм профессионал билимлендириў тараўында бир қатар әҳмийетли регионаллық жойбарлар басланды.

Пуқаралық жәмийети форумы, екинши Экономикалық форум ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилиси табыслы өткерилди.

– Бул илажлар бизиң европалы шериклеримиз бенен сөйлесиўлеримиз сапа жағынан ҳәм унамлы өзгерип атырғанын және бир мәрте көрсетти – деди Президентимиз.

Бүгин Орайлық Азия Европаның жетекши компания ҳәм банклери ушын тартымлылық орайы ҳәм жаңа экономикалық имканиятлар мәканына айланғаны атап өтилди.

– Бул жерде сөз заманагөй санаат қуўатлылықларын жаратыў, «жасыл энергетика»ны енгизиў, «ақыллы» аўыл хожалығын раўажландырыў, раўажланған транспорт-логистика инфраструктурасын қәлиплестириўге қаратылған кең инвестициялық ҳәм технологиялық шериклик ҳаққында сөз болмақта, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстанның Евроаўқам менен бирге ислесиўине тоқтап өтип, Президентимиз барлық дәрежелердеги сөйлесиўлер сезилерли дәрежеде жеделлескенин атап өтти. Атап айтқанда, Франция, Германия, Венгрия ҳәм Чехия жетекшилери менен ушырасыўлар өткерилди. Будапешт ҳәм Стокгольмда елшиханалар ашылды. Жақын арада Италияға рәсмий сапар болып өтеди.

Европа Аўқамы менен товар алмасыў көлеми «GSP+» тәртиби себепли усы жылдың басынан берли дерлик 70 процент өсти. Европаның жетекши компания ҳәм банклери менен жоқары технологиялық өндирис ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша перспективалы жойбарлар портфели 20 миллиард евродан асламды қурамақта.

Гуманитар тараўда Париждеги Лувр ҳәм Берлиндеги Жаңа музей менен бирге ислесиўде еки сийрек ушырасатуғын жойбар әмелге асырылды. Бул көркем өнер орайларында биринши рет регионымыздың бай мәдений-тарийхый мийрасы кеңнен көрсетилди.

Өзбекстан Президентиниң атап өткениндей, қыйын геосиясий жағдай ҳәм глобаллық экономикадағы унамсыз процесслерге қарамастан, Орайлық Азия мәмлекетлери турақлы өсиўди көрсетти.

Усы мүнәсибет пенен европалы шериклер миллий раўажланыў бағдарламалары ҳәм артқа қайтпайтуғын реформалар стратегиясын буннан былай да қоллап-қуўатлаўы әҳмийетли екени атап өтилди.

Саммит күн тәртибинен келип шығып, Өзбекстан Республикасы Президенти өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын көрсетип өтти.

Евроаўқам менен саўда қатнасықларын түп-тийкарынан кеңейтиў ушын Өзбекстан жетекшиси мәмлекетимиз турақлы саўда-логистика шынжырларын ҳәм өз-ара өним жеткерип бериўди қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизмлерин жаратыў, «GSP+» тәртибиниң әмел етиў мүддетин созыў ҳәм бул системаны регионның барлық мәмлекетлерине енгизиўден мәпдар екенин билдирди.

Соның менен бирге, бир қатар мәселелер бойынша сезилерли жылжыў бақланбай атырғаны атап өтилип, оларды шешиў ушын Регион мәмлекетлериниң экспорт ҳәм импорт етиўши кәрханаларын қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.

Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимди қабыл етиў процеси тез пурсатта жуўмақланатуғыны да бул ўазыйпаның орынланыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.

Өз-ара байланысқан транспорт коридорларын қәлиплестириў турақлы экономикалық өсиўдиң әҳмийетли факторы болып есапланады.

Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азия ҳәм Европаның транспорт-коммуникациялық байланыслылығын, бәринен бурын, «Орта маршрут» деп аталған Транскаспий транзит коридорын қәлиплестириў арқалы раўажландырыў мақсетинде ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли болып есапланады.

– Тилекке қарсы, бул магистральдың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мәселесинде өз-ара муўапықласқан көзқарас елеге шекем жоқ. Бүгин жүк тасыўдың тийкарғы көлемин пайда етип атырған бизнес ушын пайдалы болған тарифлер керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Транспорт-логистика ҳәм порт инфраструктураларын кеңейтиў, жол қапламасының техникалық жағдайын жақсылаў, транспорт уйымларының ўәкилликли ўәкиллериниң турақлы ушырасыўларын өткериў арқалы Транскаспий коридоры потенциалынан пайдаланыўдың тәсиршең механизмин жаратыў мәселелери де айрықша әҳмийетке ийе.

Инвестициялық ҳәм технологиялық шериклик тараўында Өзбекстан Президенти «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» экономикалық форумы шеңберинде ҳәр жылы санаат-технология көргизбелерин өткериў мәселесин көрип шығыўды усыныс етти.

Бүгинги ўақыядан келип шығып, Европа инвестиция банки менен биргеликте Европаның жетекши компанияларының өндирис қуўатлылықларын мәмлекетлеримизге көшириў процесинде оларды финанслық қоллап-қуўатлаўдың арнаўлы механизмлерин иске қосыў басламасы да алға қойылды.

Санлы өз-ара байланыслылық бағдарында «Европа топары» механизминен пайдаланған ҳалда «Орайлық Азия ушын санлы күн тәртиби»н биргеликте ислеп шығыў усынысы билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы Европаның алдынғы билим ҳәм технологияларын қоллаған ҳалда мақсетли регионаллық жойбарларды әмелге асырыў есабынан климат өзгериўлерине қарсы гүресиў ҳәм экосистемалар турақлылығын арттырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Мәселениң оғада әҳмийетлилигин есапқа алып, Европа Аўқамын усы жылы гүзде Улыўма қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолындағы Самарқанд басламасы шеңберинде өткерилетуғын биринши Халықаралық климат форумының да шөлкемлестириўшилеринен бири болыўға шақырамыз, – деди Президент.

Өзбекстан шериклер Орайлық Азия қоршаған орталықты ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетин шөлкемлестириў жойбарында белсене қатнасыўдан да мәпдар екени атап өтилди.

Орайлық Азияның туризм потенциалынан жедел пайдаланыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы регион ушын турақлы туризмди раўажландырыўға жәрдемлесиў бағдарламасын биргеликте ислеп шығыў ҳәм оны усы жыл октябрь айында Өзбекстанда өткерилетуғын Пүткил жәҳән туризм шөлкеми Бас ассамблеясының юбилей саммитинде бериўди усыныс етти.

Жаслар билимлендириўине инвестиция киргизиўдиң әҳмийетин есапқа алып, Президентимиз Евроаўқам мәмлекетлериниң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен шерикликти жолға қойыў ҳәм қоспа билимлендириў бағдарламаларын енгизиў усынысын билдирди.

Мәмлекетимиз жетекшиси билимлендириў министрлери ҳәм университет ректорларының турақлы ушырасыўларының қайта тиклениўи ҳәм «Европа горизонтлары» бағдарламасы шеңберинде Орайлық Азия регионы ушын илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў жойбарларын қоллап-қуўатлаў кеңейтилиўиниң тәрепдары екенин атап өтти.

Атап өтилгениндей, қәўипсизлик тараўында жаңа қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарындағы бирге ислесиўди беккемлеў, экстремизм ҳәм радикализм, адам саўдасы, шөлкемлескен ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм шегараларды қорғаў тараўында шериклик бағдарларын ислеп шығыў биргеликтеги жумыслардың ең әҳмийетли бағдарлары болып есапланады.

– Усы мақсетте «Орайлық Азия – Европа Аўқамы: қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўдиң жаңа күн тәртиби» атамасында экспертлер конференциясын өткериўди усыныс етемиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Аўғанстандағы гуманитар жағдай тез пәт пенен төменлеп атырғанына итибар қаратып, Өзбекстан Республикасы Президенти бирге ислесиўшилерди аўған халқына инсаныйлық жәрдем көлемин азайтпаўға шақырды ҳәм усы мақсетте Термиздеги логистика хабы имканиятларын усыныўға таяр екенин билдирди.

Аўғанстандағы жағдайды тәртипке салыў ҳәм оның тыныш раўажланыўына жәрдемлесиў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер шешими бойынша улыўма көзқарасларды ислеп шығыў ушын арнаўлы ўәкиллердиң турақлы мәсләҳәтлесиўлерин даўам еттириў усыныс етилди.

Сөзиниң соңында мәмлекетимиз басшысы ушырасыў жуўмақлары бойынша өз-алдына «жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм қабыллаў мақсетке муўапық екенин атап өтти.

Президентимиз «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши толық форматлы саммитин келеси жылы Өзбекстанда өткериў басламасын қоллап-қуўатлап атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекет басшылары баспасөз ушын Биргеликтеги билдириўди қабыллады.

  • *  *   *
    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев саммит шеңберинде Европа Кеңесиниң Президенти Шарль Мишель менен ушырасты

Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы ҳәр тәреплеме қатнасықларды буннан былай да беккемлеў ҳәм регионаллық форматта әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы мәселелердиң кең көлеми көрип шығылды.

Еврокеңес Президенти Шарль Мишель мәмлекетимиз басшысын Конституция бойынша референдумның нәтийжелери менен қызғын қутлықлап, Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын демократиялық жаңаланыўлар ҳәм экономикалық реформалар бағдарламасын толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди ҳәм болажақ әҳмийетли сиясий илажлар табыслы өтиўин тиледи.

Тәреплер 2022-жыл октябрь айында Ташкент қаласында өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўда ерисилген келисимлерге муўапық еки тәреплеме сөйлесиў ҳәм алмасыўларда жоқары пәт бақланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бул дәўирде Өзбекстанда Регионаллық өз-ара байланыслылық бойынша биринши конференция, гезектеги Пуқаралық жәмийети форумы ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилиси табыслы өткерилди.

Өзбекстанның ЕА мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми усы жылдың басынан берли 70 процентке артты. Европаның жетекши компанияларының қатнасыўында мәмлекетимиз экономикасының жоқары технологиялық тармақлардағы инвестиция жойбарларының портфели 20 миллиард евродан артты.

Өзбекстан ҳәм ЕА жетекшилери еки тәреплеме саўданы диверсификациялаў ҳәм көлемин арттырыў, «GSP+» жеңиллетилген саўда системасының әмел етиў мүддетин созыў, нәтийжели транспорт жөнелислери, бәринен бурын, Транскаспий транзит коридорын раўажландырыў, «жасыл энергетика», инновациялар ҳәм жоқары технологиялар, санластырыў, экология, билимлендириў, туризм ҳәм басқа да тараўларда қоспа бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша тоқтады.

Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды. Аўғанстан бойынша мәсләҳәтлесиўлерди ҳәм бул мәмлекетке инсаныйлық жәрдемин даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Соның менен Өзбекстан Президентиниң Қырғызстанға әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА