Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-июнь күни Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша вице-президенти Антонелла Бассаниди қабыллады.

Жаңа Өзбекстандағы социаллық-экономикалық реформаларды нәтийжели алға қойыўда Өзбекстан менен Жәҳән банки топары арасындағы кең көлемли стратегиялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Антонелла Бассаниди жоқары лаўазымға тайынланғаны менен қызғын қутлықлады ҳәм үлкен табыслар тиледи.

Кейинги жылларда еки тәреплеме шериклик қатнасықларын раўажландырыўда үлкен жетискенликлерге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өзбекстан банктиң ең ири бенефициарларынан бири болып есапланады – жойбарлар портфели 3 есеге кеңейди ҳәм бүгинги күнде 11 миллиард доллардан артты. 2026-жылға шекем Шериклик бағдарламасы 4 миллиард доллар муғдарында тийкарғы жойбарларды өз ишине алған.

Жәҳән банки денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, аўыл хожалығы, банк, энергетика, транспорт, санластырыў ҳәм басқа да бағдарларда әмелге асырылып атырған жаңаланыўларға жәрдемлеспекте.

Климат өзгериўи ҳәм раўажланыў бойынша Мәмлекетлик есабатты таярлаў жуўмақланбақта. Банктиң қатнасыўында раўажланыў институтлары менен әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша нәтийжели механизм – «Мәмлекетлик платформа» иске қосылды.

Вице-президент Антонелла Бассани нәтийжели бирге ислесиўдиң бүгинги дәрежесин жоқары баҳалады ҳәм Жәҳән банки мәмлекетимиздеги артқа қайтпайтуғын реформалар бағдарламасын избе-из ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин тастыйықлады.

2030-жылға шекем мүддетке белгиленген мақсетли ўазыйпаларға муўапық кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, аўыллар ҳәм орта қалалар инфраструктурасын модернизациялаў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар бәнтлигине жәрдемлесиў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириўди реформалаў жойбарлары дыққат орайында тур.

«Жасыл» энергетиканы енгизиў, жер реформасын, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў бағдарламаларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Орайлық Азияда регионаллық инфраструктуралық жойбарларды алға қойыў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

ӨзА