Усы жылы 1-июнь күни 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде шөлкемлестирилип атырған параспорт жарыслары Қарақалпақстан Республикасы басқышының ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитети баслығының орынбасары О.Эргашев шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларын қутлықлады ҳәм әўмет тиледи.

Буннан соң параспорт жарысларына старт берилди.




Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде Қарақалпақстанда имканияты шекленген 200 ден аслам жас 14 параспорт түри менен турақлы шуғылланып келмекте. Олардың арасынан пара-спортшыларымыз 2022-жылы Өзбекстан көлеминде өткерилген жарысларда 49, ал быйылғы жыл басынан берли 24 медальды қолға киргизиўге миясар болды.  Келеси жылы өткерилетуғын Паралимпия ойынларына 4 спортшымыздың жоллама алыўы күтилмекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги