Усы жылы 1-июнь күни Нөкис қаласындағы Президент мектебинде дөретиўшилик мектеби ҳəм қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатлары питкериўшилериниң “Соңғы қоңыраў” кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, оқыўды табыслы питкерип, үлкен өмирге қәдем қойып атырған жасларды қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы менен ашылған дөретиўшилик мектеби ҳəм қəнигелестирилген мектеп ҳəм мектеп-интернатлары елимиздеги локомотив билим дәргайларынан саналады. Себеби бул мектеплерде жасларымыз халықаралық талаплар тийкарында оқыў менен бирге, оларда барлық пәнлер алдынғы билимлендириў методикалары тийкарында тереңлестирип үйретилмекте.

Президентимиз питкериўши жасларға жоллаған қутлықлаўында “Өз билим ҳәм қәбилетин Ўатанымызға мүнәсип перзент болыўдай мақсетлерге сарыплаўға бел байлаған Сиз сыяқлы жаслар – жаӊа ϴзбекстанныӊ алтын фонды, бийбаҳа ғәзийнеси екениңизге гүман жоқ” деген оғада əҳмийетли пикирди билдирип өткен еди. Сондай-ақ, “Мен Сиз, әзиз перзентлеримнен бир нәрсени сорайман: тынымсыз оқып, изленип, заманагөй билимлерди ийелеўден ҳеш қашан тоқтамаӊ!” деген сөзлери мектепти питкериўши жаслардың келешекке деген исенимин жəне де беккемлеп, ийгиликли ислерге руўхландырады.

Жасларға болған усындай улкен итибар нәтийжесинде олар арасынан бир қатар жоқары билимли, Ўатанымыз раўажланыўына өз үлесин қосатуғын жаслар жетилисип шықпақта.

Байрам илажында да усындай жаратылган мүмкиншиликлерден пайдаланып, өзиниң айрықша билими ҳәм белсендилиги менен көзге түскен жаслардан бир топары ҳәм үлгили перзентлерди тәрбиялап камалға келтирген ата-аналар Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен сыйлықланды.










Байрам салтанаты өнер хызметкерлери ҳәм мектеп питкериўшилериниң көркем-әдебий илажлары менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги