Усы жылы 1-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Америка Қурама Штатларының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Джонатан Хэник ҳәм АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) миссиясы директоры Микаэла Мередит пенен ушырасты.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы мийманларға Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған жумыслар, кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында берилген бир қатар жеңилликлер ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, мәмлекетеримиз арасындағы бирге ислесиў, бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы менен де әмелге асырылып киятырған экономикалық байланыслар ҳаққында атап өтилди. Америка Қурама Штатлары ҳәм Қарақалпақстан арасындағы өз-ара байланысты беккемлеў, саўда, социаллық-экономикалық, билимлендириў, мәденият, туризм тараўлары бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери сөз етилди.

Соның менен бирге, республикамыз аймағында соңғы ўақытлары инвестициялық орталықты жақсылаў, халықаралық инвесторларды елимизге кеңнен тартыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы, сондай-ақ, Қарақалпақстанның өзине тән тәбиятынан туристлик мақсетлерде пайдаланыўға қаратылып атырған итибар, үлкемиздиң бай мәдений-тарийхый мийрасқа ийе екенлиги айрықша тилге алынды.

Мийманлар Қарақалпақстанға болған қызығыўшылық жоқары екенлиги ҳәм әмелге асырылып атырған бир қатар жойбарларға, соның менен бирге келешектеги режелерге атап өтти.


Қарақалпа
қстан хабар агентлиги