Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматындағы гезектеги жоқары дәрежедеги ушырасыўда қатнасыў ушын 2-июнь күни әмелий сапар менен Шолпаната қаласында (Қырғыз Республикасы) болады.

Илажда регионымыз мәмлекетлериниң басшылары ҳәм Европа Кеңесиниң Президенти Шарль Мишель қатнасыўы нәзерде тутылған.

Күн тәртибинен Орайлық Азия мәмлекетлериниң Евроаўқам менен конструктивлик сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўин кеңейтиў мәселелери орын алған.

«GSP+» системасынан пайдаланған ҳалда өз-ара саўданы көбейтиў, инвестициялық ҳәм инновациялық жойбарлар ушын қолайлы шараят жаратыў және оларды илгери сүриўге жәрдемлесиў, «жасыл» энергетиканы енгизиў, Транскаспий халықаралық транспорт коридорының потенциалын жүзеге шығарыў, санлы өз-ара байланыслылық, экология, туризм, мәденият ҳәм басқа да бағдарлардағы шерикликтиң әҳмийетли тәреплери дыққат орайында болады.

Саммит шеңберинде бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилетуғыны да режелестирилген.

Бундай форматтағы биринши регионаллық ушырасыў 2022-жыл 27-октябрь күни Астана қаласында болып өткен еди.

ӨзА