Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев 1-июнь-халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы “Имкон” реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болып, балаларды байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, бәркамал инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Ең шетки аймақларда да заманагөй балалар бақшалары, мектеплер, мәденият ҳәм спорт объектлери пайдаланыўға тапсырылып атыр.

Елимизде ҳеш бир бала итибардан шетте қалмайды. Аралбойы балалары ушын арнаўлы қурылған бул реабилитация орайына ийе балалар бақшасында барлық шашраят жаратылған. Олар саламатлығын тиклеў менен бирге билим де алады. Корея ҳм Россия мәмлекетлеринде тәжирийбе арттырып қайтқан қәнигелер тәрепинен балалардыӊ саламатлығы турақлы қадағалаўға алынған болып, педагог устазлар аянбай мийнет етпекте.

“Имкон” шөлкеминде өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.








Байрам илажы балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги