Президент Шавкат Мирзиёев сырт мәмлекетлерге еткен сапарлары ҳәм халықаралық илажлар шеңберинде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша презентация менен танысты.

Мәмлекетимиз жедел сыртқы экономикалық ҳәм инвестициялық сиясат алып бармақта. Атап айтқанда, сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық структуралар менен көлеми 115 миллиард доллар муғдарындағы еки мыңнан аслам келисимлер бар.

Мысал ушын, Ташкент халықаралық инвестициялық форумда 11 миллиард доллар муғдарында 696, «Иннопром. Орайлық Азия» халықаралық стандарт көргизбесинде 10 миллиард доллардан аслам 720, Францияға сапар шеңберинде 6 миллиард доллардан аслам 59 келисимге қол қойылған.

Тараўлар кесиминде алғанда, ең көп жойбарлар бүгинги күнде әҳмийетли болған энергетика, химия, машина қурылысы, инфраструктура сыяқлы бағдарларда әмелге асырылыўы режелестирилген.

– Ҳәзирги күнде дүнья жүзиндеги қыйын шараятта, бул келисимлерге ерисиў өз-өзинен болғаны жоқ. Бул тараўларды және де раўажландырыў экономикамызды жаңа басқышқа алып шығады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сол себепли келисимлерди сөзсиз әмелге асырыў, буның ушын Ҳүкимет комиссиясының жумысын күшейтиў зәрүр екени атап өтилди.

Жуўапкерлер бул бағдарда Бас прокуратура менен биргеликте қандай жумыс системасының шөлкемлестирилгени бойынша есабат берди.

ӨзА