«Tashkent city»дағы «Congress Hall» комплексинде Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының он биринши съезди даўам етпекте.

Партиядан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев сайлаў алды бағдарламасы менен таныстырды.

Талабан келеси жыллары 50 абырайлы сырт ел брендлери менен арнаўлы экспорт зоналарының шөлкемлестирилетуғынын атап өтти. Сондай-ақ, исбилерменлерге «таяр бизнес» түринде имарат бериў мақсетинде санаат ипотекасы системасы толық жолға қойылады. Ҳәр бир районда кеминде мың жумыс орнын жарататуғын 2 еўден жаңа санаат зоналары шөлкемлестириледи. IT хызметлери экспорты 5 миллиард долларға алып шығылыўы да нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги