«Tashkent city»дағы «Congress Hall» комплексинде Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының он биринши съезди болып өтпекте.

ӨзЛиДептен Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Мирзиёев өзиниң сайлаў алды бағдарламасы бойынша баянат жасамақта.

Атап өтилгениндей, жеке меншик билимлендириўге қосымша жеңилликлер бериледи.

Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мектеплер қурыў кеңнен енгизиледи.

Баслаўыш класс оқыўшылары тәлим планшетлери менен толық тәмийинленеди.

Шетки аймақларда мектеп автобуслары бийпул жолға қойылады.

Биринши гезекте, жәрдемге мүтәж шаңарақта тәрбияланып атырған балалардың қәбилетин жүзеге шығарыў ушын зәрүр илажлар көриледи.

– Сол себепли, 2030-жылға шекем барлық район ҳәм қалаларда «Қәбилет-Умтылыс-Келешек» деп аталатуғын мектеп-интернатлар шөлкемлестириледи,-деди Шавкат Мирзиёев. – Оларда Президент мектеплеринен кем болмаған шараят жаратылады ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери ушын 70 процент квота ажыратылады.

Атап өтилгениндей, жасларымыз ушын дүнья есиклерин ашатуғын гилт, бул-шет тиллерин билиў болып табылады. Бул бағдарда келеси жети жылда барлық мектеплерде сырт еллерден «тил ийелери» болған муғаллимлер алып келинеди. Оның ушын ҳәр жылы 200 миллиард сум ажыратылады. Дүньядағы «Топ-500»ге киретуғын сырт ел жоқары оқыў орынлары менен биргеликте кеминде 50 биргеликтеги оқыў бағдарламасы ҳәм «еки дипломлы система» енгизиледи.

Буннан тысқары, биотехнология, жасалма интеллект ҳәм басқа да жоқары технологиялық бағдарларда жылына 500 қәбилетли жасларымыз ең абырайлы сырт ел оқыў орынларына мәмлекет есабынан оқыўға жибериледи.

ӨзА