Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен бирге мәмлекетлик сапар менен Қытай Халық Республикасына келди.

Тарийхый Сиань қаласының халықаралық аэропортында еки мәмлекет байрақлары көтерилди, уллы мәртебели мийманлардың ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты, миллий қосық ҳәм аяқ ойынларынан ибарат салтанатлы мәресим болып өтти.



Өзбекстан жетекшисин ҚХР мәденият ҳәм туризм министри Ху Хэпин, Шэньси провинциясы губернаторы Чжао Ган ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.


Сапар бағдарламасына муўапық, мәмлекетимиз басшысы 18-май күни ҚХР Баслығы Си Цзиньпин менен сөйлесиў өткереди.

19-май күни Өзбекстан Президенти «Орайлық Азия-Қытай» биринши саммитинде қатнасады.


ӨзА