Президент Шавкат Мирзиёев «Humo Arena» спорт сарайына барып, бокс бойынша жәҳән чемпионатын тамашалады.

Бул абырайлы жарыста 107 мәмлекеттен 600 ден аслам боксшилер қатнасты. Өзбекстан миллий сайланды командасы барлық 13 салмақ категориясында қатнасты. Ўәкиллеримиз бүгинги күнге шекем 9 медалды қолға киргизген еди.







Мәмлекетимиз басшысы 13-май күни елимиз боксшилериниң қатнасыўындағы финал беллесиўлерин бақлады. Қызғын ҳәм маўасасыз өткен беллесиўлерде Асадхўжа Мўйдинхўжаев қазақстанлы Дулат Бекбауовты, Ҳасанбой Дўстматов франциялы Билал Беннамани, Баҳодир Жалолов кубалы Алехандро Арзоланы жеңип, алтын медалды қолға киргизди.

Жеңимпазларға медаллар ҳәм чемпионлық белбеўлерин Президент Шавкат Мирзиёев тапсырды. Сондай-ақ, оларға Халықаралық бокс ассоциациясы (IBA) тәрепинен ажыратылған ақшалай сыйлықлар бериледи.

Жарыстың соңғы күнинде және төрт боксшимиз рингке шығады. Жәҳән чемпионаты 14-май күни жуўмақланды.

ӨзА