9-май -Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

Республикамызда 9-май -Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 78 жыллығы кең түрде белгиленди.

Нөкис қаласындағы Еслеў майданындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, министрликлер, кәрханалар, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, депутатлар, жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жаслар әскерий оркестр музыкасы астында естелик алдына гүл шеңберлерин қойды. Сондай-ақ, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, министрликлер, жәмийетлик шөлкемлер атынан да гүл шеңберлери қойылды.















Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-майдағы  «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы мүнәсибети менен оларға Президентимиздиң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилип, 18 000 000 (он сегиз миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, баҳалы саўғалар, ҳәкимликлер, тийисли министрликлер, жәмийетлик шөлкемлер, ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған илажлар республикамыздың барлық районларында болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери