Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола Москва қаласына әмелий сапары шеңберинде 9-май күни Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 78 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасты.

Өзбекстан халқының Уллы Жеңиске қосқан үлеси шексиз. 1941-жылы республикамыздың халқы 6 миллион 800 мыңнан аслам адамды қурайтуғын еди. Урыстың басланыўы менен дерлик 2 миллион ўатанласымыз фронтқа атланды. Ҳәр бири негизги мәнисинде қаҳарман болған бул әзиз инсанлардың 500 мыңнан асламы аяўсыз урысларда қайтыс болды, және мыңлаған ўатанласымыз урыстан майып болып қайтты.

Халқымыз күни-түни тынымсыз мийнет етип, үлкен муғдардағы азық-аўқат, кийим-кеншек, қурал-жарақ, дәри-дәрмақ резервлерин саўаш майданларына үзликсиз жеткерип берди. Өзбекстанға 170 ке шамалас завод ҳәм фабрика эвакуацияланды ҳәм қысқа мүддетте қайта иске қосылды.

Урыстан жәбирленген 1 миллион 500 мыңнан аслам кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм балалар республикамызға көширип әкелинди. Олардың 200 мыңнан асламы ата-анасынан айырылған жетим балалар еди.

Елимизде Екинши жер жүзилик урыста саўашқа шыққан ҳәм фронт артында пидәкерлик пенен мийнет еткен ата-бабаларымыздың мәртлигин мәңгилестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплары ҳәр жылы хошаметленбекте, олардың саламатлығын сақлаўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Ташкент қаласында үлкен Жеңис парки ашылды, онда «Мәртлик гимни» естелиги ҳәм Даңқ музейи қурылды.

Москваның Қызыл майданында Жеңис парады болып өтти. Оны Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Армения Бас министри Никол Пашинян да бақлады.

Илаждан соң Өзбекстан басшысы басқа мәмлекетлердиң жетекшилери менен биргеликте Александр паркиндеги «Белгисиз әскер» естелигине гүлшеңбер қойды ҳәм Екинши жер жүзилик урыста Ўатанды қорғаў жолында қайтыс болған әскерлер, соның ишинде, өзбек батырларының естелигине ҳүрмет көрсетти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Москваға әмелий сапар шеңберинде Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен ушырасыў өткерди.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелерин додалады сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режесин көрип шықты.

Усының менен Өзбекстан Президентиниң Россияға әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА