9
-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни

Ол енди ғана он сегизге шыққан еди. Ташкенттиң Ачаабат мәҳәллесинен тиккелей Смоленск қаласына урысқа кетти.

Сол ўақытта 1942-жылдың февралы еди. Кейин ала Беларусь, Польша ҳәм Германияда тынышлық ушын гүрести. Өмириниң ҳәр мәўрити қәўип-қәтерде болды. Қашан оның қәлбин қорқыныш ийелесе, көзлерин әсте жуматуғын еди. Көз алдында ҳәўлиси – қыйтақ жеринде жер аўдарып атырған әкеси, тандырда нан жаўып атырған анасы көз алдына келетуғын еди. Қулақларына болса ини-қарындасларының шадлы даўыслары еситилип кететуғын еди. Буннан кейин, бир минутлық қорқыныш сезиминиң орнын ғайритәбийғый мәртлик ийелейтуғын еди. Усындай қәўипте өмириниң төрт жылы өтти. Несийбеси үзилмеген екен, мәҳәллесине жеңис пенен қайтты.

Урыстан кейин мектепте муғаллимшилик етти. Балаларға немис ҳәм инглис тили пәнинен сабақ береди. Баслаўыш классларға мөлшерленген «Немис тили» сабақлығының жаратылыўында қатнасады. Бул мийнетлер умытылмады – ол бир қатар мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.

Пайтахтымыздағы «Chinobod Plaza» саламатландырыў комплексиниң екинши қабаты. Әсир менен жүзлескен Аббас ата Аппановтың басынан өткерген турмыслық гүрриңин тыңлап отырман.

– Айтып атырғанларыңыз киноға уқсайды я, ата, деймен тән қалғанымды жасыра алмай.

– Солай ойлап атырғаның, ертектей түсинип атырғанын сениң бахтың, балам, – дейди ата көзлериме меҳир менен тигилип. – Бул ашық аспан, дастурхандағы мине мына жемислер, ҳеш бир қәўетерсиз сәўбетлесип отырыўымыз өз-өзинен болған емес. Өз-өзинен болып атырғаны жоқ. Айырым ўақытлары мине усы жумсақ орынлыққа аяғымды созсам… Оҳҳ… Созсам ызғар ямаса ылай суўға толған қәндекте душпан тәрепке тигилип жатқанларым қыялыма келеди. Урыста қанша қураллас досларымнан айырылдым. Бүгин билерге уқсағанлар ҳүрметте, сол досларымның естелиги болса халқымыздың ядында.

Ата терең гүрсинеди. Араға қолайсыз тынышлық шөгеди. Ханаға ҳәкимияттан ўәкил кирип, қолайсызлықты «жумсартады». Ол бул жерге жақын арада Президент келетуғынын, хананы бираз тәртипке келтирип қойсақ жақсы болатуғынын айтып кетеди. Ата менен және көрисиўди ўәде етип, хошласамыз.















Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен ҳәр қыйлы илажлар, ушырасыўлар өткерилмекте. Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары хошаметленбекте. Олардың денсаўлықларын беккемлеўге итибар қаратылмақта.

Президент Шавкат Мирзиёев 8-май күни Ташкент қаласындағы «Chinobod Plaza» санаторийсине барып, урыс қатнасыўшыларының жағдайынан хабар алды.

Ҳақыйқатында да, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болған ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў, бүгин де қатарымызда турып, Ўатанымыздың абырай-мәртебесин арттырыў, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды ҳүрметлеў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Бул бойынша Президент пәрманына қол қойылып, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплардың ҳәр бирине он сегиз миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық бериў белгиленди.

– Атам өзлерине берилип атырған ғамқорлықты ҳәмийше сезинип, оннан күш-қуўат алып турады, – дейди пискентли Ашир атаның улы Эрали Ўсаров. – Мине усы санаторийде үш-төрт күннен берли денсаўлығын беккемлеп атыр, зәрүр диагнозларды алып атыр. Не жәрдем деп, ҳәкимияттан, ҳәр қыйлы шөлкем ҳәм уйымлардан сорап келеди. Мәмлекет басшысы менен бүгинги ушырасыў күтилмеген болды. Президент урыс ветеранларына сизлерди көрейин, байрам менен қутлықлайын деп келдим, деди. Бул сизлердиң байрамыңыз, сол ўақытлардағы мәртлигиңиз себепли кейинги әўладлар еркин жасады деген ўақтында мақтанып кеттим. Сәўбеттен кейин атамның тетиклигин айтпайсыз ба?

Урыс ветеранлары мәмлекетимиз басшысына өзлери ушын елимизде жаратылған шараятлар ҳәм итибар ушын миннетдаршылық билдирди. Саламатландырыў комплексинде денсаўлығын беккемлеў ушын барлық шараят жаратып берилгенин атап өтти.

Ҳақыйқатында да, усы жерде мәмлекетимиздеги абырайлы саламатландырыў комплекслеринен бири болған «Chinobod Plaza» санаторийси ҳаққында қысқаша мағлыўмат беремиз.

Бул мәкеме 2020-жылы пайдаланыўға тапсырылған. Медицина орайы аймағында бес емлеў блоги ҳәм бир мийманхана бар. Бул 144 стационар орын, айлық 432 қатнаўды қабыллаў қуўатлылығы дегени.

Бул жерге Германия, Италия ҳәм Россия мәмлекетлеринен заманагөй үскенелер келтирилген. Орайда жылына 4 мың 500 ас сиңириў ағзалары кеселликлери, урологиялық ҳәм гинекологиялық, неврологиялық, эндокринологиялық, соның ишинде, қантлы диабетке шатылған наўқасты саламатландырыў имканияты бар.

Ушырасыўда турмыста көп сынақларды көрген, дерлик бир әсирлик турмыс тәжирийбесине ийе болған бул инсанлардың тилеклери орынланатуғынын атап өтти. Нуранийлар ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыў буннан былай да үлкен итибарда болатуғыны атап өтилди.

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршысы