Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола 8-май күни әмелий сапар менен усы мәмлекетке келди.

Москва қаласындағы «Внуково» аэропортында мәмлекетимиз басшысын Россия Ҳүкимети Баслығының орынбасары, санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуров ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Кремльде Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен ушырасыўы болып өтти.

Өзбекстан – Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды. Тийкарғы бағдарлардағы көп тәреплемели әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиў алдында еки мәмлекет жетекшилери Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 78 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, ветеранларымыз, дос халықларымызға тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Россия Президенти мәмлекетимиз басшысын Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер киргизиў бойынша улыўмахалықлық референдумның табыслы өткерилгени менен де қутлықлады.

Ушырасыўда еки мәмлекет жетекши кәрхана ҳәм компанияларының ҳәзирги ҳәм келешектеги кооперациялық жойбарларын, соның ишинде, Ҳүкиметлер аралық комиссия жумысы шеңберинде қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өткен айда Ташкент қаласында өткерилген «ИННОПРОМ» халықаралық санаат көргизбесиниң табыслы нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Өз-ара товар алмасыў пәтин тәмийинлеў бойынша муўапықластырылған илажларды көриў зәрүр екенлиги атап өтилди. Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары дәрежесиндеги жедел сөйлесиўлер қоллап-қуўатланды.

Буннан тысқары, тәреплер жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириўден, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў, илим ҳәм билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында илажлар өткериўден мәпдар екенин билдирди.

Болажақ халықаралық илажлар режеси де көрип шығылды.

9-май күни Президентимиз Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 78 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасады.

ӨзА