Елимизде Еслеў ҳәм қәдирлеў күни кеңнен белгиленбекте. Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары хошаметленип, саламатлығына айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда усы күнлерде олардың бир топары санаторийлерде емленбекте.

Президент Шавкат Мирзиёев 8-май күни Ташкент қаласындағы «Chinobod Plaza» санаторийсына барып, урыс қатнасыўшыларының жағдайынан хабар алды. Анарбай ата Жалилов, Ашир ата Ўсаров, Антонина Коломенцева, Тўлаган ата Имомов, Аббос ата Аппанов пенен қызғын сәўбетлести.

– Сизлерди көрейин, байрам менен қутлықлайын деп келдим. Бул, бәринен бурын, сизлердиң байрамыңыз. Сол ўақытлардағы мәртлик ҳәм қаҳарманлығыңыз себепли кейинги әўладлар тыныш, еркин жасады. Машақатлы мийнет ҳәм табысларға толы өмир жолыңыз ҳәзирги жаслар ушын ҳақыйқый үлги мектеби, ўатансүйиўшилик мектеби, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Сиз бенен пүткил елимиз мақтанады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Урыс қатнасыўшылары ҳүрмет ҳәм меҳир қушағында жасап атырғаны, денсаўлығы жақсы, турмысынан разы екенин айтты. Өзлери жасап атырған аймақта, перзентлери менен ақлықларының турмысында болып атырған өзгерислер ҳаққында сөз етти.

– Мине, жақында жаңаланған Конституциямызды қабылладық,-деди Президент. – Мәмлекетимиздиң раўажаланыўын арттырыў, халқымыздың турмысын жақсылаў бойынша үлкен шеклер алдық. Мине, усындай өзгерислер ўақтында сиздей үлкен тәжирийбеге ийе инсанлардың қасымызда болыўы, мәсләҳәтлериңизди алыў бизге шексиз күш-ғайрат береди.

Нураныйлар итибар ҳәм ғамхорлық ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирип, жақсы пәтиялар берди.


– Теберик пәтияларыңызды алыў, сизге қосылып халқымыздың тынышлығын сораў – үлкен бахыт. Өмирде көп-көп сынақларды көрген, дерлик бир әсирлик турмыс тәжирийбесине ийе болған сиздей ҳүрметли инсанлардың тилеклери әмелге асады. Нураныйларымыз ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыўға буннан былай да үлкен итибар қаратамыз. Бул – биз ушын муқаддес миннет ҳәм ўазыйпа болып есапланады,-деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.



Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Жеңис паркине барып, «Мәртлик гимни» естелик комплексине гүлшеңбер қойды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған бул комплекс халқымыздың урыстағы шығынлары, тынышлық ушын гүреси ҳәм үлкен үлесин билдиреди. Соның ушын парк ҳәмийше, әсиресе байрам күнлеринде жаслар ҳәм кекселер менен толы.

Быйыл да 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни кеңнен белгиленбекте. Президент пәрманына муўапық, Екинши жер жүзилик қурыс қатнасыўшылары хошаметленбекте. Олардың саламатлығы бәрқулла итибарда.

Жеңис паркинде Қураллы Күшлер системасына кириўши министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетлик шөлкемлердиң ўәкиллери жыйналды. Олар да комплекске гүллер қойды.









ӨзА