Терек ҳәм путаларды, басқа өсимликлерди ҳәм нәллерди нызамға қайшы түрде кескени, зыян жеткериў, жоқ қылғаны ямаса басқа орынға көширип өткергени ушын жәрийма муғдарлары арттырылмақта.

Бул норма Сенаттың қырқыншы жалпы мәжилисинде додаланған «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамда сәўлеленген.

Ҳәкимшилик жаза илажы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында бул ҳуқықбузарлықлар қайтадан жүз бергени ушын он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыў илажлары белгиленбекте.

Ендигиден былай тереклер ҳәм путалардың баҳалы сортларын кесиўге, зыян жеткериўге ямаса жоқ етиўге алып келетуғын жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шыққаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик киргизилмекте.

Буннан тысқары, нызамсыз терек кескени ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң төрт статьясында ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген.

Бул статьяларда бирдей ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын ҳәр қыйлы муғдардағы жәриймалар ҳәм баланс жоқ екенлиги инабатқа алынып, өзгерислер арқалы бир түрдеги ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа бир статьяда бирдей жуўапкершиликти белгилеў нәзерде тутылмақта.

Атап өтилгениндей, бул нызамның қабыл етилиўи тереклер ҳәм путалардың нызамға қайшы түрде кесилиўи, зыян жеткерилиўи ямаса жоқ етилиўине байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, бул бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң жуўапкершилигин арттырыў, сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм мәмлекетлик экологиялық қадағалаўдың нәтийжели шөлкемлестирилиўине хызмет етеди.

Сенат Баслығы бул мәселе ҳаққында пикир билдирип, тереклерди өлтириўдиң экологиялық, социаллық-экономикалық аўыр ақыбетлери ҳаққында бүгин артықша сыпатламаның кереги жоқ екенлигин атап өтти. Жәмийетте бундай жағдайға аяўсыз қатнас, яғный, терек кесиў – жынаят, деген пикир қәлиплести. Соның менен бирге, әмелиятта нызамсыз терек кесиў жағдайлары толық сапластырылмаған болып, бул жынаяттың тийкарғы ақыбетлери менен гүресилмекте.

Яғный тереклерге зыян жеткерип, өлтирип болынғанынан кейин ғана илаж көрилмекте. Бул жағдай, әсиресе, қурылыс тараўында көп бақланбақта. Нызам менен тереклерди кесиў, зыян жеткериў, жоқ етилиўине алып келиўи мүмкин болған ямаса алып келген қурылыс жойбарлаў ҳүжжетлерин таярлағаны ушын жуўапкершилик белгиленип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе.

Яғный тек ғана бундай нызамсыз ҳәрекетлерди тиккелей әмелге асырған шахсларды емес, ал биринши гезекте, оның ушын жуўапкер болған жуўапкерлерди де тийисли жуўапкершиликке тартыў ҳаққында сөз болмақта. Демек, енди тек ғана ақыбетлер менен гүресиў емес, ал себеп ҳәм тийкарларға жол қоймаўдың анық ҳуқықый тийкары жаратылды.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Н.Абдураимова,  

А.Абдуллаев (фото), ӨзА