«Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы конституциялық нызамға муўапық Ҳүкимет тәрепинен нызамшылықты усы жаңа Конституцияға муўапықластырыў бойынша илажлар бағдарламасының қабыл етилетуғыны белгиленген.

Сенат жалпы мәжилисинде бул мәселеге де итибар қаратылды.

– Бул процессте тәсиршең парламентлик қадағалаўды орнатыўымыз керек,-деди Сенат Баслығы Т.Норбоева. – Ҳәр бир комитет өз бағдарында нызамшылық хатлаўын өткериў ҳәм муўапықластырыў процесинде Ҳүкимет пенен тығыз бирге ислесиўи зәрүр. Бул бағдарда унамлы әмелиятты жолға қойған едик. Яғный әмелдеги нызамлардағы бослықлар, тартыслар ҳәм әҳмийетин жойытқан нормалар бойынша мониторинг жумыслары алып барылып, усыныслар Ҳүкиметке киргизип барылды. Бул әмелияттан және нәтийжели пайдаланамыз, деп ойлайман.

Мәжилисте Конституцияның мәниси ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке, әсиресе, жасларға жеткериў ҳәм түсиндириў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул илажларға тек ғана үгит-нәсиялаў емес, ал халық пенен ушырасыўларды өткериў арқалы халқымыздың кейпияты, тәшўишке салып атырған мәселелерди үйрениў ушын да және бир имканият сыпатында қараў зәрүр.

Жаңаланған Конституцияға муўапық әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар тиккелей жоқары палатаның жәмийетлик турмыстағы роли ҳәм белсендилигин және де арттырыўды талап етеди.

Усы көзқарастан Конституция талапларынан келип шығып, Сенаттың өз алдына илажлар бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм кейинги жалпы мәжилисте тастыйықлаў ушын киргизиўимиз керек болады,-деди Сенат Баслығы. – Илажлар бағдарламасын таярлаўда барлық комитетлеримиз бирдей жуўапкершиликли болыўы зәрүр. Келешекте, ҳәкимияттың барлық буўынлары-парламенттиң де, атқарыў ҳәкимиятының да, суд системасының да – ҳәммемиздиң ең тийкарғы жумысымыз конституциялық кепилликлердиң ўатанласларымыз турмысында тиккелей сәўлелениўин тәмийинлеўге қаратылыўы зәрүр.

Н.Абдураимова,

А.Абдуллаев (сүўрет), ӨзА