Жаңа Конституцияға муўапық мәмлекетлик басқарыў, экономикалық, социаллық раўажланыў, суд-ҳуқық системасы, улыўма алғанда, барлық бағдарларда сапа жағынан үлкен өзгерислер әмелге асырылады.

Сенаттың жалпы мәжилисинде усы мәселеге итибар қаратылып, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў системасын реформалаўдағы әҳмийетли мәселе – бул орынларда ҳәкимлер ҳәм жергиликли Кеңеслер ўәкиллигиниң ажыратылыўы екени атап өтилди.

– Енди ҳәкимлердиң өзлери қарар қабыл етип, өзлери басшылық ететуғын жергиликли Кеңеслерде бул қарарларды тастыйықлатыў ҳәм оның орынланыўын қадағалаў әмелиятынан пүткиллей ўаз кешиледи,-деди Танзила Норбоева. – Себеби жергиликли Кеңеслер ҳәм ҳәкимлердиң ўәкилликлери өз алдына белгиленбекте. Бул болса усы уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў менен бир қатарда, ўазыйпалар тәкирарланыўының да алдын алады. Ендигиден былай, жергиликли ўәкилликли уйымлар халықтың атынан әҳмийетли сиясий қарарларды еркин қабыллайды. Ҳәкимликлердиң жумысы үстинен тәсиршең кеңес ҳәм депутатлық қадағалаў орнатылады. Бундай жаңа қатнас нәтийжесинде ҳәкимиятлар бөлиниўи принципи жергиликли дәрежеде қолланылады. Кеңеслер қадағалаўының күшейиўи ҳәкимлердиң жуўапкершилигиниң артыўына тийкар жаратады. Жергиликли Кеңес баслығы ҳәм ҳәким лаўазымларының бир-биринен ажыралыўы – Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда 2024-жылғы сайлаў нәтийжелери бойынша, районларда болса 2026-жылдан баслап қолланылады.

Бул шараятта Сенат өзиниң аймақлар мәпин билдиретуғын уйым сыпатындағы жаңа конституциялық мәнисинен келип шығып, жергиликли Кеңеслердиң жумысын муўапықластырыў функциясы тийкарында олар менен бирге ислесиў дәрежесин жаңа басқышқа алып шығыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Орынлардағы әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелердиң шешиминде турақлы комиссиялардың ролин күшейтемиз. Турақлы комиссиялар халықты тәшўишке салып атырған мәселелерди тек ғана жергиликли Кеңеслердиң додалаўына емес, ал Сенат комитетлери менен биргеликте Сенат мәжилислерине де алып шығыў әмелиятын кең жолға қойыў мақсетке муўапық,-деди Сенат Баслығы. – Буннан тысқары, Жаңа Конституцияда белгиленген нормалардан келип шығып, ўәкилликли уйымлардың жумысын тәртипке салыўға байланыслы барлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер толық қайтадан көрип шығылады.

Н.Абдураимова,

А.Абдуллаев (сүўрет), ӨзА