Нызам менен Миллий гвардия уйымларыныӊ хызметкерлерине майда тәртипсизлик, қуралдан белгиленген тәртипти бузған ҳалда пайдаланыў, суўық қуралды ямаса суўық қурал ретинде пайдаланылыўы мүмкин болған буйымларды алып жүриўге байдланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша ислерди көрип шығыў, протоколлар дүзиў ҳәм оларды көрип шығыў ушын судқа жибериў бойынша қосымша кепилликлер берилип атыр.

Усындай кепилликлер жас өспирим шахсты ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеўге, бузғыншы ҳәрекетлерге тартыў, жәмийетлик уйымларда алкоголь өнимин ишиў, миллий, расалық, этникалық ямаса диний қарама-қарсылықты үгит-нәсиятлаўшы материалларды таярлаў, сақлаў ямаса тарқатыў, тиленшилик, қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған басқа ойынларға нызамға қарсы түрде қатнасыў жағдайларында да әмелге асырылады.

Онда усы категориядағы ислерди көрип шығыў кепиллиги ишки ислер шөлкемлеринде де сақланып, ҳуқықбузарлық Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен анықланған жағдайда оларға жәрийма жазасын қолланыў ҳуқықы берилип атыр.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыўда нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм тыйкарсыз жуўапкершиликке тартыў жағдайларының алдын алыў мақсетинде Миллий гвардия уйымларыныӊ атынан Нызамда көрсетилген басқарма (бөлим) басшылары ҳәм олардың орынбасарлары айырым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыўға ҳәм жәрийма жазасын қолланыўға ҳақылы екенлиги белгиленип атыр.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жоқарыда келтирилген өзгерислер киргизилиўи мунәсибети менен жәмийетлик тәртипке қәўип туўдыратуғын ҳуқықбузарлықлар бойынша Миллий гвардия уйымларына ҳуқықбузарлық ислеген шахсларды ҳәкимшилик жолы менен услап турыў ҳуқықы берилмекте.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Турсынбек Хожаниязов,

ҚМУдыӊ Интернет журналистикасы тәлим

бағдарыныӊ 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги