Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қытайлы бир қатар ири исбилермен инвесторлар “Fujian Qunfeng Investment Group” компаниясы ўәкили Линь Цяньтао ҳәм Линь Чжун, “BA ASSOCIATION” компаниясы бас директоры Б.Абдуллаевлар менен конференцбайланыс арқалы ушырасты.


Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы мамлекетимизде исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын Президентимиз тәрепинен жаратылып берилип атырған жеӊиллик ҳәм кең имканиятлар, Қарақалпақстан Республикасыныӊ инвестициялық орталығы, қазылма байлықлары резервлери, әмелге асырылыў мүмкиншилиги бар жаңа жойбарлар ҳаққында атап өтти.

Сондай-ақ, Қараөзек районы аймағында жайласқан Бүркиттаў мыс кәни тийкарында “Fujian Qunfeng Investment Group” кәрханасы тәрепинен улыўма баҳасы 140 миллион АҚШ долларлық мысты қайта ислеў кластери жойбары ҳаққында түсиник берди, қытайлы инвесторлар менен бул жойбарды әмелге асырыў бойынша республикамызға келип үйрениў ҳәм жойбарды иске түсириў бойынша келисип алынды. Соның менен бирге, “City group” кәрханасы тәрепинен жаңа химиялық сода ислеп шығарыў бойынша әмелге асырылыўы керек болған жойбар ҳаққында да атап өтилди.

Ушырасыў даўамында “Тианженг хайтенг” кәрханасы тәрепинен Бозатаў, Кегейли ҳәм Тахтакөпир районларында 10 мың бас қарамалға мөлшерленген шарўашылық комплекси жойбарын әмелге асырыў бойынша да келисимге келинди. Буннан тысқары, Синьцзян-Уйғыр автономиялы провинциясы инвесторлары тәрепинен қосымша Шымбай районы аймағында жәми 50 мың бас қарамалға мөлшерленген комплекс шөлкемлестирилиўи анық белгиленип алынды. Бул жойбар бир неше басқышта әмелге асырылыўы нәзерде тутылған болып, биринши басқышта Шымбай районы “Тағжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан ески “ГИГАНТ” шарўа комплексин қайта тиклеў арқалы 25 мыӊ бас қарамал алып келип бағылыўын жолға қойыў белгиленген.

Ушырасыўда қурылыс материаллары санааты, каолин өнимин қайта ислеў, фармацевтика бағдарларында Өзбекстанға инвесторларды кеңнен тартыў бойынша да бир қатар әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

Ушырасыўда көп тармақлы бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм кеңейтиўге бағдарланған болып, онда кадрларды қайта таярлаў бағдарламасын әмелге асырыў мақсетинде елимизде билим алып атырған студент-жаслар ушын туризм, логистика, қурылыс, архитектура ҳәм аўыл хожалығы бағдарларында Сичуань провинциясында жайласқан университетлерге Қытай грантлары ажыратылыўын тәмийинлеў айрықша тилге алынды. Оған Қарақалпақстан Республикасы бойлап саяхат етиў бойынша жөнелисин қосыў бойынша да өз-ара келисимге ерисилди.

Ушырасыў даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы өз-ара бирге ислесиў ҳәм елимиздиң раўажланыўына үлес қосатуғын ҳәр қандай инвестициялық жойбарлардың иске түсирилиўи әлбетте, қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.

Конференцбайланыс арқалы ушырасыўға Өзбекстан Республикасының Қытайдағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ф.Арзиев қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги