Быйылғы жылдан баслап «Универсиада» спорт ойынларына Баскетбол 3х3 (Стритбол) спорты киргизилмекте.

Атап айтатуғын болсақ, 26-30-апрель күнлери аралығында Әндижан ўәлаятында баскетбол 3х3 (стритбол) спорты бойынша «Универсиада» спорт жарысларының республикалық басқышы болып өтти.

Онда Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студент-жасларынан дүзилген Қарақалпақстан Республикасының сайланды командасы ерлер арасындағы  болып өткен жарыста барлық қарсылас командалар үстинен жеңиске ерисип, алтын медалды қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент-жаслары арасынан дүзилген Қарақалпақстан Республикасының сайланды командасы қызлары, жарыста финальға шекем жетип барып, «Универсиада» спорт жарысларында сыйлы 2-орынды ийелеп, гүмис медал менен сыйлықланды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ,  Стритбол (Streetball) – 1950-жыллары АҚШта пайда болып,  ол әпиўайы баскетболдан ойыншылар саны менен айрықшаланады. Атап айтатуғын болсақ, бир команда қурамында 4 ойыншы болып, соннан 3 ойыншы майданда ойнаса, 1 ойыншы резервте болады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги