25-29-апрел күнлери Қытайдың Ханчжоу қаласында миллий гүрес бойынша Азия чемпионаты болып өтти.

Дүнья жүзиниң 24 мәмлекетинен 200 ден аслам палўанлар қатнасқан чемпионат жуўмағында, улыўма командалық есапта 4 алтын ҳәм 1 гүмис медалы менен Өзбекстан сайланды командасы ағзалары биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Екинши орынды болса, майдан ийелери есапланған Қытай, үшинши орынды Иран сайланды командалары ийелеўге еристи.

Сайланды командамыз ағзаларынан 60 кгда Абдуллазиз Ҳамроев, 100 кг да Шермуҳаммад Жандреев, 48 кг да Улбосын Ҳакимова, 87 кгда Покизахан Камолидинновалар алтын медалды қолға киргизген болса, 73 кг да Ҳамиджан Ҳайдавов гүмис медал менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы