Кеше Ташкент қаласындағы “Ҳумо Арена”да ересеклер арасында бокс бойынша жәҳән чемпионатының ашылыў мәресими болып өтти.
























Дүнья жүзиниң 104 мәмлекетинен 640 спортшы қатнасып атырған бул жәҳән чемпионатында боксшилер 13 салмақ категориясында өз-ара беллесиўлер алып барады.

1-14-май күнлери өткерилетуғын жарысларда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары барлық салмақ категориясы бойынша рингке шығады.

Атап айтатуғын болсақ, чемпионаттың дәслепки күнинде 60 кг салмақта тек Мужибилло Турсунов ҳиндстанлы Сингх Вариндер менен беллесиўлерге шығады.

Ал, 48 кг да болса, Шодиёржон Мелиқўзиев непаллы Тара менен,  51 кг да Олимпиада чемпионы Хасанбой Дўсматов мексикалы Кастенада Хименес пенен, 54 кг да  Ойбек Жўраев сербиялыТамир Галанов пенен келеси басқышқа шығыў ушын гүрес жүргизеди.

57 кг салмақта Абдумалик Халаков, 63, 5 кг да Руслан Абдуллаев, 67 кг да Асадхўжа Мўйдинхўжаев, 71 кг да Саиджамшид Жафаров,  75 кг да Аълохон Абдуллаев, 80 кг да  Жасур Йўлдошев,  86 кг да  Шоҳжаҳон Абдуллаев, аўыр салмақта  Лазизбек Муллажонов ҳәм супер аўыр салмақ категориясында Олимпиада чемпионы Баҳодир Жалоловлар мәмлекетимиз абырайын қорғайды.
«Ҳумо Арена» да өткерилетуғын бул беллесиўлер бүгин саат 17:00 де старт алады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги