Ташкент қаласында жеңил атлетика бойынша 18 жасқа шекемги спортшылар арасында Азия чемпионатына старт берилди.

Азияның 40 мәмлекетиниң күшли атлетлери қатнасып атырған бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары өзиниң дәслепки медалларын қолға киргизди.

Атап айтатуғын болсақ, қызлар арасында узынлыққа секириў бойынша Шарифа Давронова, жигитлер арасында ядро ылақтырыў бойынша Абдуазим Раҳматуллоевлар гүмис медалларды жеңип алған болса, 1500 метр аралыққа жуўырыўда Мафтуна Аҳмедова қола медалына миясар болды.

Мағлыўмат ушын соны да айтып өтиўимиз керек, узынлыққа секириўде қытайлы Бинбин Ву 6.41 метр аралыққа секирип алтын медалды қолға киргизген болса, Шарифа Давронова 6.22 метр нәтийже көрсетти.

Ал, ядро ылақтырыўда болса, алтын медал 20.11 метр нәтийже көрсеткен Қубла Корея сайланды командасы ағзасы Сихун Паркке несип етти.

Өткерилип атырған бул Азия чемпионатында жарысларды баҳалап барыў ушын Қарақалпақстаннан 3 төреши, яғный, халықаралық дәрежедеги төрешилериден Толыбай Арзыбеков, Палўанияз Бекмурзаев, 1-дәрежели төреши Барлықбай Жумановлар қатнаспақта.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы