“Өзбекнефтгаз” акционерлик жәмийети тәрепинен нефть ҳәм газ қазып шығарыў басқармалары ҳәм қайта ислеў заводларының қуўатларын тиклеў, технологиялық қурылмаларда әмелге асырылатуғын режели оңлаў жумысларн сапалы, соның менен бирге өз ўақтында орынлаў бойынша илажлар белгилеп алынды.

Оңлаў жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде жыллық өндирислик көрсеткишлер көлеми қысқарыўының ҳәм бахытсыз ҳәдийселердиң алды алыныўына, әсбап-үскенелердиң узақ жыллар даўамында үзликсиз ислетилиўине ерисиледи.

Ҳәзирги ўақытта белгиленген реже тийкарында Үстирт газ қазып шығарыў басқармасының бир қатар қурылмалары, әсбап-үскенелери оңланды. Атап айтқанда, басқармаға қараслы “Үрге” газди комплексли таярлаў қурылмасында алып барылған оңлаў жумыслары даўамында басым астында ислеўши ыдыслар ишки ҳәм сыртқы тексериўден өткерилди.  Барлық насос агрегатларында  профилактикалық жумыслар алып барылып, зулфинлар тексериўден өткерилди.

Сондай-ақ, оңлаў жумысларының барысында қысыў компрессор станциясының әсбап-үскенелери толық техникалық анализден өткерилди. Соның нәтийжесинде бул үскенелердиң технологиялық нәтийжелилиги арттырылды.

Оңлаў жумыслары акционерлик жәмийетиниң тийисли департментлери менен биргеликте әмелге асырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги