Жаслардың кеўлинде Ўатансүйиўшилик сезимлерин оятыў ҳәм олардың әскерий шақырыққа шекемги таярлаў мақсетинде, улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында Арқа-батыс әскерий округинде  «Жас шегарашылар» әскерий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Онда жарыс қатнасыўшылары 12 шәрт бойынша өз-ара беллести.





Жарыс жуўмағында Қоңырат районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 54-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Үстирт сархадлари» командасы биринши орынды, Тахтакөпир районындағы 18-санлы мектебиниң «Қалқан» командасы екинши, Шоманай районындағы айырым пәнлерге қәнигелестирилген мектептиң Туран командасы өшинши орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы