161-санлы Ҳүкимет қарары менен ендигиден былай ҳәким жәрдемшилериниң кредит ажыратыў бойынша усыныс бериўине жергиликли атқарыў ҳәкимият уйымлары басшыларының араласыўына жол қойылмайды.

Сондай-ақ, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде халық ҳәм исбилерменлердиң жойбарларын қаржыландырыў ушын 13 триллион сум ажыратылады. Шаңарақлық бағдарламалар бойынша кредитлерди жыллық 14 процентлик ставкада ажыратыў тәртиби сақлап қалынады. Ҳәким жәрдемшилериниң басламасы менен айырым исбилерменлерге 50 миллион сумға шекемги кредитлер гиреўсиз бериледи.

Қалаберди, бағдарламалар шеңберинде алдын кредит алып, оннан нәтийжели пайдаланып, исбилерменлигин жолға қойған ҳәм кредит төлемлерин өз ўақтында төлеген киши исбилерменлерге жумысын және де кеңейтиўи ушын усы кредитлерден тәкирар пайдаланыўға руқсат бериледи.

Фаррух Худоёров, Искандар Исматов (видео), ӨзА