Саудия Арабстаны айрықша қағыйдалары ҳәм нызамларына ийе болған ислам  мәмлекети. “Ал-Наср”дың  жоқары мийнет ҳақы алыўшы ҳүжимшиси Криштиано Роналдо болса мәмлекет нызамларын еле жақсы билмеген.

Мәмлекет чемпионаты шеңберинде “Ал-Наср” ҳәм “Ал-Хилол” (0:2) командалары арасындағы ойынның тәнепис ўақтында мийман команданыӊ қоллаўшылары ҳүжимшиниң ғәзебин келтирди. Қоллаўшылар Роналдоға қарай Месси, деп бақырды. Роналдо болса қоллаўшыларға  әдепсиз белги көрсетти.

Мәлим болыўынша, ҳәзирде социаллық тармақларда Саудиялы қоллаўшылар португалиялы  футболшы менен тек ғана шәртнаманы бийкарлаўға емес, ал оны мәмлекеттен депортациялаўға шақырмақта.

Адвокат Ноуф бин Аҳмад мәмлекет прокуратурасына Криштиананы қамаққа алыў ҳәм мәмлекеттен депортациялаў бойынша сораў жибермекшилигин айтып өтти.

Ескертип өтемиз, алдынырақ Роналдо ушын есаптан тысқары жол менен де Саудияның айырым нызамларына көз жуматуғыны мәлим болған еди. Криштиано Роналдо және оның өмирлик жолдасы Джоржина Родригес Саудия Арабстанында турмыс қурмаған жуплықлардың бир үйде жасайтуғынын қадағалайтуғын нызамнан азат етилген  еди.

 

Гулхатиша Уразбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги