Ташкент мәлимлеме-технологиялар университети Нөкис филиалында да Конституциялық нызам жойбарына бағышланған «Референдум ҳәм жаслар» атамасында үгит-нәсият илажы өткерилди.

Илажда «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басшылары, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Жоқарғы Кеңес, Халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, партия белсендилери, филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Атап өтилгениндей, усы жыл 30-апрель күни елимизди әҳмийетли  сиясий процесс күтип турыпты. Бул илажды тек даўыс бериў емес, ал халқымыздың турмысындағы жаңа бетти ашыўға болған умтылыс, десек қәтелеспеген боламыз.

Себеби, жаңаланып атырған Конституцияда пуқараларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың дәрежеси бир неше есеге артпақта.

Ушырасыўда тийкарынан жаслар ҳәм билимлендириў тараўына киргизилип атырған өзгерислер туўралы, атап айтқанда, 50, 51, 52, 53, 78, 79-статьялар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.




Мәселен, жаңаланып атырған Конституцияда пуқараларымыздың билим алыў ҳуқықы ҳәм имканияты және де кеңейеди. Оқытыўшылар Конституциялық статусқа ийе болады. Билимлендириў ҳәм илимге байланыслы статьялар менен нормалар дерлик еки есеге артпақта. Атап айтқанда, пуқаралардың жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик грант есабынан оқыў ҳуқықы қатаң белгилеп қойылды.

Илаж даўамында көркем өнер шеберлери ҳәм эстрада қосықшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги