Қараөзек районында усы аймақтағы улыўма орта билим бериў мектеплери арасында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын «Шет тилин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўы болып өтти.

Таңлаўға райондағы 32 мектептен 160 оқыўшы қатнасып, белгиленген тест сораўлары тийкарында имтиханлар тапсырды ҳәм  олардың көрсеткен  нәтийжелери төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Таңлаў жуўмағында  28-санлы улыўма орта билим бериў мектеби I-орынды, 25-санлы улыўма орта билим бериў мектеби  II-орынды, 22-санлы улыўма орта билим бериў мектеби  III-орынларды жеңип алып, район ҳәкимлигиниң дипломлары ҳәм ақшалай сыйлықлары менен сыйлықланды.



Сондай-ақ, еӊ жоқары балл топлап, I-орынды ийелеген 28-санлы улыўма орта билим бериўи мектеби  таӊлаўдыӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Атап айтатуғын болсақ, жеңимпаз болған мектеплер 100 млн сўм, 75 млн сўм ҳәм 50 млн сўм менен сыйлықланды.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы