Шымбай районындағы 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Халық конституциясы менен халықшыл мәмлекетке қарай» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажы болып өтти.

Илажда Республикалық үгит-нәсият топары ағзалары педагогика илимлериниң илимлериниң докторы, профессор М.Қуронов, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты профессоры С.Тўйчиева, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң профессоры Д.Бобожонова,   доцент Д.Муитов,  эстрада қосықшылары Ш.Шодиев ҳәм М.Бердиевлер сөзге шығып, бүгинги күни мәмлекетимиздиң барлық тараўлары тез пәт пенен раўажланып, үлкен жаңаланыўлар болып атырғанлығын, елимизде ҳәрекет етип турған барлық  нызам ҳәм қарарлардың тийкары Конституция екенлигинен келип шығып, инсан қәдирин және де бекемлеўге қаратылған, пуқараларымыздың мәплерин қорғаўшы жаңа нормалар киргизилип атырғанлығын түсиндирип өтти.




Илаж соңында эстрада жулдызлары  М.Бердиев, Ш.Шодиев ҳәм Мәденият бөлими хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады.


Сондай-ақ, республикалық үгит-нәсиятшылар топары ағзалары райондағы Бердақ мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы социаллық қорғаўға мүтәж Х.Аметованың үйине барып, оның жасаў шараятлары менен танысты ҳәм оған күнделикли турмыста зәрүр болған азық-аўқат өнимлерин саўға етти.



Қарақалпақстан  хабар агентлиги