«Өзбекстан Республикасының Референдумы ҳаққында»ғы нызамның 351-статьясына муўапық, Референдум күни өзиниң жасаў орнында болыў имканиятына ийе болмаған даўыс бериўшилер мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықына ийе, деп көрсетилген.

Усы нызамға әмел еткен ҳалда, бүгин Нөкис қаласындағы 23-санлы Референдум участкасында жасаўшы пуқаралар өзлерин жәмийетлик турмыста жүз берип атырған өзгерислерге итибарсыз емеслигин көрсетип, даўыс бериўди баслап жиберди.






-Мен Жуўазшы мәкан пуқаралар жыйынында жасайман,-дейди даўыс бериўшилердиң бири Минайым Абитова.-Референдум күни өз үйимде болмаўым себепли, бүгин 23-санлы Референдум участкасына келип, өз пикиримди билдирип атырман. Бул мениң пуқаралық ҳуқықым болып, оннан нәтийжели пайдаланып атырман.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Нөкис қаласында жайласқан 23-санлы Референдум участкасында 448 пуқара даўыс бериўши сыпатында дизимге алынып, бул жерде  пуқаралардың емин-еркин даўыс бериўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги