Аўған халқына 185 тоннадан артық зәрүр азық-аўқат өнимлери артылған гезектеги гуманитарлық жүклер кәрўаны Ҳайратан шегара өткериў пункти арқалы қоңсы мәмлекеттиң Балх ўәлаяты шығысындағы Ҳайратан қаласына жеткерилди.



Сондай-ақ, еки мәмлекет рәсмийлериниң қатнасыўында аймақлардың өз-ара саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўин раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер өткерилди. Илажда қатнасқан аўғанстанлы рәсмийлер Мүбәрек Рамазан айында көрсетилип атырған бундай әмелий жәрдем ушын Өзбекстан халқына өз миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги